Сертификат неге биреў? Халықты дизимге алыўда ең көп ушырасатуғын сораўларға жуўаплар

35

Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў процеси шеңберинде пуқаралар тәрепинен онлайн сораўнаманы толтырыўға байланыслы түрли сораўлар келип түспекте. Бул сораўларға рәсмий жуўаплар бериледи.

– Мен сораўнамада шаңарақ ағзаларымды да киргизип, онлайн дизимнен өттим. Тек маған сертификат шықты. Бирақ шаңарақ ағзаларымның жумыс орнынан олардың дизимнен өткенлигин дәлиллейтуғын сертификат сорап атыр. Бунда қандай жол тутыў мүмкин?

– Егер сиз онлайн дизимнен өтиў процесинде шаңарақ ағзаларыңызды да өзиңиз бенен бирге бирден-бир сораўнама арқалы киргизген болсаңыз, демек, олар да дизимге алынған болып есапланады. Бул нызам талапларына толық сәйкес келеди.

Бирақ система техникалық жақтан тек ғана бир – тийкарғы респондент аты менен сертификат қәлиплестиреди. Сол себепли шаңарақ ағзаларыңыз ушын өз алдына сертификат автомат түрде шығарылмайды.

Егер сизге квартира қурамында кимлер дизимнен өткенлигин тастыйықлаўшы мағлыўмат керек болса, бул мағлыўмат сертификаттың төменги бөлиминде келтирилген. Жумыс орныңыз тәрепинен онлайн дизимнен өткенлигинизди тастыйықлаўшы ҳүжжет соралса, усы дизимди усыныўыңыз мүмкин.

– Дизимнен өтиўде пропискада турғанлар көрсетиле ме ямаса әмелде жасап атырғанлар ма?

– Дизимге алыў процесинде тек ғана респондент пенен бирге ҳәзирги ўақытта бир үйде жасап атырған шаңарақ ағзалары дизимге киргизиледи. Пропискада турған, бирақ ҳәзир бирге жасамайтуғын шахслар киргизилмейди.

– ЖШШИРди киргизиўге болмай атыр. Сондай-ақ, баланы да қосып болмай атыр. Не ислеў мүмкин?

census.stat.uz сайтына OneID арқалы кирилгенде шаңарақ ағзалары ҳаққындағы мағлыўматлар автомат түрде шығады. Егер мағлыўматларда қәте ямаса кемшилик болса, оларды дурыслаў, ағза қосыў ямаса өшириў мүмкин.

Мағлыўмат ушын: ҳәзирги ўақытта 16 жасқа шекемги балаларда да ЖШШИР бар. Оны my.gov.uz сайтындағы “Мениң шаңарағым” бөлими арқалы алыў мүмкин.

– Айырым мәмлекетлик шөлкемлерде дизимнен өтиўди мәжбүрий етип, кадастр ҳүжжетлери талап етилмекте. Бул дурыс па?

– Яқ. Дизимнен өтиў ушын кадастр номери ямаса кадастр ҳүжжетлери талап етилмейди. Сораўнамада тек ғана турақ жай, қурылыс ҳәм жасаў ханалары, сондай-ақ, аўыл хожалығы жерлериниң майданы бойынша улыўма мағлыўматларды билиў жетерли.

Дизимнен өтиў мәжбүрий ме, деген сораўға келсек, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер системасында ислеп атырған хызметкерлер ушын онлайн дизимнен өтиў белгиленген мүддетлерде – 2026-жыл 15-январьдан 31-январьға шекем – тәмийинлениўи Президент пәрманында белгиленген. Соның менен бирге, белгиленген мүддет тамам болыўынан алдын хызметкерлерди мәжбүрий түрде қыстаўлы дизимнен өткериў нәзерде тутылмаған.

Қарақалпақстан хабар агентлиги