Санлы технологияларды раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар көрип шығылды

26

Президент Шавкат Мирзиёев санлы технологияларды раўажландырыў тараўында ерисилген нәтийжелер ҳәм 2026-жылға мөлшерленген тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған презентация менен танысты.

Презентацияда соңғы жылларда санлы экономиканы раўажландырыў, мәмлекетлик хызметлерди санластырыў ҳәм инновациялық экосистеманы қәлиплестириў бойынша избе-из жумыслар әмелге асырылғаны атап өтилди. Сырт елли экспертлердиң таллаўларына бола, 2024-2025-жылларда мәмлекетимиздеги стартап ҳәм венчур экосистемасының улыўма баҳасы 3,9 миллиард долларға жетти. Жергиликли стартаплардың саны 750 ден асты. Ҳәзирги күнде 15 венчур фонды жумыс алып бармақта, венчур капиталының көлеми болса 180 миллион доллардан артты.

Өзбекстан дүнядағы екинши ең тез өсип атырған ҳәм Орайлық Азиядағы ең тез раўажланып атырған стартап экосистемасы деп тән алынбақта.

Презентацияда 2030-жылға шекем стартаплардың санын 5 мыңға, экспорт базарларына шыққан стартаплардың санын 200 ге жеткериў, венчур инвестициялардың көлемин 2 миллиард долларға алып шығыў мақсет етилгени атап өтилди.

Усы мақсетте халықаралық тәжирийбе тийкарында стартапларды қоллап-қуўатлаўдың төрт басқышлы системасы енгизилмекте. Идея, ислеп шығыў, иске түсириў ҳәм кеңейтиў басқышларында грантлар, салық жеңилликлери, биргеликте қаржыландырыў, экспорт қәрежетлерин қаплаў ушын қаржы ресурслары бағдарланады.

Электрон мәмлекетлик хызметлерди және де раўажландырыў режелери көрип шығылды.

Санлы хызметлер санын 900 ге жеткериў, “MyGov.uz” мобиль қосымшасының функционалын кеңейтиў, 50 ден аслам хызметлерде жасалма интеллект технологияларын енгизиў, Халықтың бирден-бир реестрин ислеп шығыў, исбилерменлик субъектин ашыў, жеке тәртиптеги исбилерменлик хызметкерлерин есапқа қойыў, банк пластик картасын ашыў, сим-карта алыў, қамсызландырыў ҳәм реклама хызметлерин санластырыў режелестирилген.

Презентацияда жасалма интеллект технологиялары ушын инфраструктура жаратыў жумысларының барысы ҳаққында мәлимлеме берилди.

Атап айтқанда, ҳәзирги күнде заманагөй киши супер компьютер иске қосылды, үлкен супер компьютерди сатып алыў ҳәм иске қосыў жумыслары жедел басқышта. Жойбарды әмелге асырыў нәтийжесинде 15 жоқары билимлендириў мәкемесинде жасалма интеллект лабораториялары шөлкемлестириледи, тараўдағы қәнигелердиң потенциалы артады, жергиликли ЖИ шешимлерин енгизиў имканиятлары жаратылады.

Мәмлекетимиз аймақларында заманагөй дата-орайлар тармағын кеңейтиў, мағлыўматлардың қәўипсизлигин ҳәм үзликсизлигин тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Телекоммуникация инфраструктурасын раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Бул бағдарда турақлы өсиў пәтлерине ерисилип атырғаны, интернет тезлиги ҳәм қамтып алыўы жылдан-жылға артып, мобиль байланыс хызметлериниң сапасы жақсыланғаны атап өтилди. 2026-жылы 5G технологияларын енгизиў ҳәм елатлы пунктлерди жоқары тезликтеги интернет пенен қамтып алыўды даўам еттириў, сондай-ақ, жасалма жолдас байланысынан пайдаланыўды кеңейтиў режелестирилген.

Президентимиз санлы технологиялар экономика тармақларының бәсекиге шыдамлылығын және мәмлекетлик басқарыў системасының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм халықтың турмыс сапасына тиккелей тәсир көрсететуғынын атап өтип, белгиленген ўазыйпаларды орынлаў бойынша жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.

ӨзА