“Ақыллы” миграция шақапшаларында қандай хызметлер көрсетиледи?

21

Мәмлекетимиз басшысының “Ишки ислер уйымларының миграция ҳәм персоналластырыў тараўындағы жумысын санластырыў арқалы сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында”ғы қарары қабыл етилди.

Қарарға бола, 2026-жыл 1-майдан эксперимент сыпатында Ташкент, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятлары ҳәм Қарақалпақстан Республикасында биреўден район (қала)лық миграция ҳәм персоналластырыў бөлимлеринде өзине-өзи хызмет көрсетиў имканияты жаратылған, жасалма интеллект тийкарындағы “Ақыллы” миграция шақапшалары шөлкемлестириледи.

“Ақыллы” миграция шақапшаларында белгиленген мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи. Ишки ислер министрлиги тәрепинен өзине-өзи көрсетилетуғын хызметлердиң түрлери кеңейтип барылады.

2026-жыл 1-майдан Миграция ҳәм персоналластырыў департаменти ҳәм оның аймақлық басқармаларына Өзбекстанға электрон кириў визасы тийкарында кирип келген сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың электрон визаларының әмел етиў мүддетин бир мәрте 30 күнге шекем созыў ҳуқықы бериледи.

Сырт ел пуқараларына Өзбекстан аймағында мийнет етиў ҳуқықын беретуғын тастыйықламаны рәсмийлестириў ўәкиллиги Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларына да бериледи.

2026-жыл 1-сентябрьден студентлер жатақханасына жайласыў бойынша шәртнама дүзиў менен бир ўақытта студентлерди турған орны бойынша дизимге алыўдың композит тәртиби енгизиледи.

Қарарға бола, 2026-жыл 1-февральдан физикалық тәреплерге идентификациялаўшы ID карталар биринши мәрте рәсмийлестирилгенде оның чипине киргизилетуғын электрон санлы имза сертификаты бийпул бериледи.

Департамент физикалық тәреплердиӊ орайлық мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў ҳәм турақлы жаңалап барыў бойынша ўәкилликли уйым болып есапланады.

Департамент сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы пуқараларының жасаў ҳәм турған орны бойынша дизимге алынған мәнзили ҳаққындағы мағлыўматларды жәмлейди.

Идентификациялаўшы ID карта сериясы, номери, берилген орны ҳәм берилген сәнеси менен жуўмақланыў сәнеси ҳаққындағы, Өзбекстан пуқаралығы ҳаққындағы, Өзбекстан пуқаралары, Өзбекстанда турақлы жасайтуғын сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ҳаққындағы, Өзбекстанға мирәт етилген сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ҳаққындағы, сондай-ақ, олардың виза мүддети создырылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар да Департаментте болады.

2026-жыл 1-сентябрьден Бирден-бир идентификациялаў мәмлекетлик хызметлери порталы ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы сырт елде жасап атырған ўатанласлар ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын Өзбекстанға мирәт етиў, пуқаралығы болмаған шахслардың биометрикалық ҳәрекетлениў ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ушын арза жибериў хызметлери көрсетиледи.

 

Н.Абдураимова,

ӨзА