Уллы Британия да балалар ушын социаллық тармақты шеклемекши

Уллы Британияда балаларды интернеттен қорғаў мақсетинде жаңа шеклеў илажы көрип шығылмақта. Атап айтқанда, жас өспиримлер ушын социаллық тармақтан пайдаланыўды қадаған етиў имканияты да күн тәртибине шықты.
Мәлим етилиўинше, ҳүкимет бул мәселеде Австралия тәжирийбесин үйренбекши. Еслетип өтиў орынлы, Австралия бир ай алдын 16 жасқа шекем болғанлар ушын социаллық тармақтан пайдаланыўды қадаған еткен дүньядағы биринши мәмлекет болды.
Сондай-ақ, Патшалық мектеплеринде мобиль телефоннан пайдаланыў қағыйдасын және де қатаңластырыў үстинде де жумыс алып бармақта.
Д.Ҳакимов, ӨзА