Зорлық ислеў қәўпи астында болған балалар ушын профессионал тутынған шаңарақ хызмети жолға қойылады

2

Нызамшылыққа бола, зорлық ақыбетинде шаңарағынан алынған ҳәм өзине зорлық ислеў қәўпи астында болған, сондай-ақ, социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған балалар ушын профессионал тутынған шаңарақ хызмети жолға қойылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 24-декабрьдеги “2026-2030-жылларға мөлшерленген Балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў стратегиясын тастыйықлаў ҳаққында”ғы пәрманы бул бағдарда ҳуқықый тийкар болып хызмет етеди.

Пәрманға бола, 2026-жыл 1-февральдан зорлық нәтийжесинде шаңарағынан алынған ҳәм өзине зорлық ислеў қәўпи астында болған, сондай-ақ, социаллық жақтан қәўипли жағдайда болған балалар ушын профессионал тутынған шаңарақ хызмети жолға қойылады.

Профессионал тутынған шаңарақты шөлкемлестириўге талабанлар балаларда зорлық ақыбетинде алынған руўхый жарақатының унамсыз тәсирин азайтыў, минез-қулықтағы аўысыўлар ҳәм олардың ақыбетлерин сапластырыўға қаратылған социаллық-реабилитация бағдарламалары тийкарында оқытылады.

Зорлық ақыбетинде шаңарағынан алынған социаллық қорғаўға мүтәж балалар профессионал тутынған шаңараққа “Инсан” орайлары ҳәм усы шаңарақлар арасында дүзилген шәртнама тийкарында жайластырылады.

Профессионал тутынған шаңараққа ҳәр бир жайластырылған баланың күтими ушын ҳәр айда мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 2 есеси муғдарында қаржы төлеп барылады. Бундай шаңараққа жайластырылған ҳәр бир баланың жасаў қәрежетлери ушын нызамшылыққа муўапық шаңарақлық балалар үйи тәрбияланыўшыларының жасаў қәрежетлери ушын белгиленген муғдарларда қаржы ажыратылады.

Н.Усмонова, ӨзА