“Аналог турмыс тәризи”. Адамларда жасалма интеллектке қарсы кейпият күшеймекте

23

Жасалма интеллектке тийкарланған қурылмалар, жәрдемшилер ҳәм чатботлар күнделикли турмысты барған сайын ийелеп атырған бир ўақытта, жәмийетте бул процесске қарсы кейпият күшеймекте. Бул тенденция “аналог турмыс тәризи” деп аталмақта ҳәм ол қысқа мүддетли санлы тәнепис емес, ал турмыс пәтин пәсейтиў, күнделикли жумыслар ҳәм дем алыўда қайтадан физикалық, қолдан исленген усылларға мүрәжат етиўге қаратылған ҳәрекет сыпатында талқыланбақта.

CNN басылымының жазыўынша, бул процесстиң қамтып алыўын анық өлшеў қыйын, бирақ айырым “офлайн” шынығыўларға қызығыўшылық кескин артқаны бақланбақта. Атап айтқанда, Арқа Америкада 1 300 ден аслам дүканына ийе болған “Michaelʼs” өнерментшилик компаниясының мағлыўматларына бола, соңғы алты айда “аналог хобби”лер бойынша излеўлер 136 процентке артқан. 2025-жылы таяр өнерментшилик топламларының саўдасы 86 процентке өскен, быйыл болса бул көрсеткиш және 30-40 процентке артыўы күтилмекте.

Әсиресе, тоқыўға мөлшерленген жиплерге қызығыўшылық кескин артқан: 2025-жылы бул түрдеги өнимлерди излеў 1 200 процентке өскен. “Michaelʼs” компаниясының саўда бойынша басшысы Стейси Шивлиның айтыўынша, бул тенденция себепли дүканларда тоқыў материаллары ушын айрықша орын ажыратыў режелестирилмекте. Оның атап өтиўинше, пандемиядан кейин көплеген адамлар өнерментшиликти “doomscrolling”тен (социаллық тармақларда бос ўақыт өткериўден қашыў) қашыў ҳәм руўхый саламатлықты тиклеў усылы сыпатында қабыл етпекте.

Бул тенденция тәсиринде айырым инсанлар турмыс тәризин пүткиллей өзгерттирмекте. Канаданың Британия Колумбиясы провинциясында жасайтуғын 25 жасар Шонесси Баркер өзин “жасалма интеллектти жақтырмайтуғын адам” деп тәрийиплейди. Ол елеге шекем радиоприемник, винил пластинкалар, кассеталар, DVD ҳәм VHS ленталардан пайдаланады, үйинде стационар телефон орнатқан ҳәм көшеде смартфон орнын “әпиўайы телефон” қосымшасы менен алмастырған.

Баркердиң айтыўынша, интернет барған сайын пайда алыўға бағдарланған мәканға айланып, әпиўайы дем алыў ушын орын қалмаған. Соның менен бирге, ол да толық офлайн турмыста жасаў қыйынласып баратырғанын тән алады: мәселен, өзиниң винтаж дүканы ямаса “қағаз хатлар клубы”н үгит-нәсиятлаў ушын бәрибир интернетке мүрәжат етиўге туўра келеди.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, “аналог турмыс” технологиядан пүткиллей ўаз кешиўди аңлатпайды. Калифорния университети изертлеўшиси Авриел Эппстиң сөзлерине бола, бул қатнас интернеттен мағлыўмат алыўға қарағанда, интернеттиң инсан ҳаққында мағлыўмат жыйнаўын шеклеўге қаратылған. Айырымлар музыканы стриминг сервислер арқалы емес, iPod арқалы тыңламақта, басқалар болса санлы сүўретлер орнына плёнкалы фотоаппаратларды таңламақта.

Бул тенденцияны жеке өзи сынап көрген журналист 48 саатқа барлық қурылмалардан ўаз кешип, 1990-жыллар усылында жасаўға ҳәрекет еткен. Оның атап өтиўинше, дәслепки күнлерде бул аңсат көринген, бирақ ўақыттың өтиўи менен турмыстың санлы болмаған тәреплерине көбирек итибар қаратыў имканияты пайда болған. Китапханада тоқыў дөгерегинде қатнасыў, китап оқыў ҳәм қол мийнети менен шуғылланыў адамлардың экрансыз да байланыс ҳәм тынышлық таба алатуғынын көрсеткен.

Қәнигелердиң пикиринше, санлы турмыстан пүткиллей қашып болмайды, бирақ оны саналы түрде шеклеў әҳмийетли. Көп экранға байланыслылық руўхый шаршаўды күшейтиўи мүмкин, қолдан исленген шынығыўлар болса адамға жуўмақланған жумыс сезимин ҳәм қәтержамлықты қайтарыўы мүмкин. Усы мәнисте, “аналог турмыс тәризи” заманагөй жәмийетте теңсалмақлылық излеўдиң жаңа көриниси сыпатында пайда болмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги