Саудия Арабстаны журналы Муҳаммад Ризо Огаҳий атындағы халықаралық сыйлық ҳаққында мақала басып шығарды

Саудия Арабстанында басып шығарылатуғын “Ал-Ямама” журналында Муҳаммад Ризо Огаҳий атындағы халықаралық сыйлық өз ийелерине тапсырылғаны, бул сыйлықтың мәниси ҳаққында мақала басып шығарылды.
Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының мәлимлеме хызметине бола, бул журнал пүткил араб дүньясында кең тарқалыўшы ҳәптелик басылым болып, оның пүткил араб мәмлекетлери бойлап 500 мыңнан аслам жазыўшылары бар.
Атап айтқанда, журнал былай деп жазады: “Өзбек жазыўшысы Абдулла Қадирийдиң “Меҳрабтан шыққан шаян” романының араб тилине аўдармасы Өзбекстанда көркем аўдарма тараўындағы абырайлы Муҳаммад Ризо Огаҳий атындағы халықаралық сыйлыққа миясар болды. Шығарма 2024-жылы Араб-рус мәлимлеме ҳәм изертлеў орайы тәрепинен басып шығарылған болып, ол Саид Маҳмуд Саид Мубашир тәрепинен өзбек тилинен араб тилине аўдарылған”.
Журнал Араб-рус мәлимлеме ҳәм изертлеў орайы Саудия Арабстаны ҳәм Өзбекстан арасындағы сиясий, экономикалық ҳәм мәдений байланысларға байланыслы изертлеў ҳәм илимий жумыслар менен бир қатарда, көркем әдебият тараўындағы аўдарма шығармаларды да турақлы басып киятырғанын атап өтип, өзбек романшылығының тийкарын салыўшы жаратқан бул романның аўдармасы араб әдебий жәмийетшилиги арасында үлкен қызығыўшылық оятқанын хабарлайды.
“Бүгинги Жаңа Өзбекстанның руўхы, оның жедел раўажланыўы ҳәм мәмлекет Президентиниң әдебият ҳәм әдебий байланыслардың раўажланыўына басқа да тараўлар қатарында үлкен итибар қаратып атырғаны мақтаўға ылайық. Ҳәзирги ўақытта өзбек әдебиятын – миллет руўхы ҳәм қәлбин сәўлелендиретуғын бай мийрас сыпатында дүньяға танытыў, сондай-ақ, дүнья әдебиятының ең сайланды үлгилерин өзбек тилине аўдарып, өзбек халқына усыныў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Соның менен бирге, жас әўладты миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық жоқары қәдириятлар тийкарында тәрбиялаў, китапқумарлық мәдениятын раўажландырыўға да айрықша итибар қаратылмақта. Себеби миллий ҳәм жәҳән әдебиятының ўәкиллери – шығармалары халықлардың қәлбинен орын алған шайыр ҳәм жазыўшылар – XXI әсирде де инсаниятты жақсылық ҳәм адамгершилик принциплери тийкарында жасаўға шақырып келмекте. Бул болса Өзбекстан халқы менен дүнья халықлары арасындағы мәдений ҳәм руўхый көпирлерди және де беккемлейди”, – деп жазылған журналда.
“Ал-Ямама” журналы Муҳаммад Ризо Огаҳий атындағы халықаралық сыйлыққа ийе болған дөретиўшилердиң дизимин де келтиреди, бул сыйлық себепли келешекте ашылатуғын имканиятлар ҳаққында сөз етеди: “Муҳаммад Ризо Огаҳий атындағы халықаралық сыйлық – жоқары тән алыў, аўдармашы дөретиўшилик жумысында әҳмийетли басқыш болып есапланады, ол материаллық хошаметлеў менен бирге, жаңа дөретиўшилик изленислерге күшли түртки береди. Соның менен бирге, таңлаў көркем аўдарма тараўын раўажландырыў, халықаралық көлемде дослық бирге ислесиў байланысларын күшейтиўде үлкен әҳмийетке ийе”.
Мақала соңында былай делинген: “Саудия Арабстаны Араб-рус мәлимлеме ҳәм изертлеў орайы тәрепинен басып шығарылған және бир китап буннан алдын абырайлы халықаралық сыйлыққа миясар болған еди. Бул – доктор Муртазо Сайдумаровтың “Заманагөй өзбек әдебиятында гүрриң жанры: әдебий-критикалық изертлеў ҳәм таңлап алынған гүрриңлер” шығармасы болып, ол 2019-жылы Қатарда өткерилген Шайх Ҳамад халықаралық аўдарма ҳәм өз-ара түсинисиў сыйлығын қолға киргизген”.
Н.Усмонова, ӨзА