Қарыздарлық себепли телефонлар блокланыўы мүмкинлиги ҳаққындағы хабар тийкарлы ма?

Социаллық тармақларда орынлаў ҳүжжетлерине тийкар қарыздарлығы бар болған шахсларға тийисли болған мобиль телефон қурылмаларының блокланыўы ҳаққында хабарлар тарқалған.
Мәжбүрий орынлаў бюросы (МОБ) бул хабар бойынша мүнәсибет билдирди ҳәм бул хабардың жалған ҳәм тийкарсыз (фейк) екенин мәлим етти.
Бәринен бурын, пуқаралар орынлаў ҳүжжетлери бойынша жүзеге келген қарыздарлықлар ҳәм сырт елге шығыўға болған қадаған етиў бар ямаса жоқ екенлиги ҳаққындағы мағлыўматларды рәсмий сайтлар ямаса мобиль телефон арқалы билиўи мүмкин.
Буның ушын, Мәжбүрий орынлаў бюросының рәсмий веб-сайты www.mib.uz ҳәм mib.uz мобиль қосымшаларынан пайдаланыўы мүмкин.
Әҳмийетлиси, жүзеге келген қарыздарлық ҳәм оны өндириўге байланыслы орынлаў ҳәрекетлери мобиль ямаса басқа да қурылмалардың ислеў процесине тәсир етпейди.
Н.Абдураимова, ӨзА