Суйылттырылған газ бенен тәмийинлеўдиң жағдайы қалай?

3

Бүгинги күнде жәми 100603 жеке хожалық ҳәм 124 мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми (бақша) суйылттырылған газ бенен тәмийинленбекте.

Суйылттырылған газ тутыныўшыларына 2025-жылдың басынан 176808 тонна газ фонды ажыратылған болып, газди қайта ислеўши заводлардан 17035 тонна тасып алынды. Жеке хожалықлардың өз талабына муӯапық 16427 тонна газ муғдары хожалықларға тарқатылды.

– Республикамыздағы жеке хожалықларға суйылттырылған газди жеткерип бериў ушын айланба ҳәрекетте 147433 дана газ баллон ыдыслар бар, – дейди “Ҳудудгаз Қарақалпақстан” газ тәмийнаты филиалының суйылттырылған газ сатыў бөлиминиң баслығы Руслан Ибрагимов.

Бүгинги күнге кәрхананың орайлық қоймаханасында 415, районлык газ аймақларының қоймаханаларында 2169, жәми 2584 газ баллон ыдыслары бар.

Республикамыздағы суйылттырылған газден пайдаланыўшы жеке хожалықлардың бәрине E-gaz онлайн программасынан ID карталар арқалы суйылттырылған газ жеткерип бериў жолға қойылған.

Филиалға қараслы бөлимлер арнаўлы газ баллонларды тасыўшы 27 дана Isuzu маркалы автотранспортқа ийе. Олар өз гезегинде районлар аймағында жайласкан алыс аўылларға  суйылттырылған газ баллонларды жеткерип бермекте.

Суйылттырылған газлер газ толтырыӯ станциясына ҳәм газ қуйыӯ пунктлерине нефть ҳәм газди қайта ислеўши кәрханалардан 6 дана МАN маркалы арнаӯлы автоцистерналарда тасып келтирилмекте.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары бойынша гүзги-қысқы мәӯсимде тутыныӯшыларға 8788 тонна суйылттырылған газ жеткизип бериӯ белгиленген.

Суйылттырылған газ бенен өз ӯақтында тәмийинлеӯ мақсетинде газ толтырыӯ станциялары ҳәм пунктлери дислокация бойынша аймақларға бөлинген. Атап айтқанда, Шымбай газ толтырыӯ пункти Шымбай, Қараөзек, Тахтакөпир районларын суйылттырылған газ бенен тәмийинлейди, Қоңырат районында  жайласқан газ толтырыӯ пункти Қоңырат, Мойнақ, Шоманай, Қанлыкөл районларын тәмийинлейди. Ал, орайлық районларды Нөкис газ толтырыӯ станциясы, қубла районларды Әмиӯдәрья ҳәм Беруний районларында жайласқан газ толтырыӯ пунктлери тәмийинлейди.

Тутыныўшылардың газ баллонлардан қәўипсиз пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде филиалымызға тийисли газ толтырыў станциясы ҳәм газ толтырыў пунтклеринде газ баллонларды сынаў ҳәм техникалық тексериўден өткериў лабораториялары жумыс ислеп турыпты.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги