Жанылғы-энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў прокуратура қадағалаўында

36

Қарақалпақстан Республикасы Прокуратурасы тәрепинен гүзги-қысқы мәўсимди зыянсыз өткериў ҳәм жанылғы-энергия ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў мақсетинде системалы жумыслар жолға қойылған. Әмелге асырылған жумысларды Қанлыкөл районы мысалында айтатуғын болсақ, район прокуратурасы тәрепинен мәўсимди зыянсыз өткериў, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў мақсетинде газ ҳәм электр тармақлары кәрханаларында шөлкемлестирилген авариялық диспетчерлик хызметлериниң жумысы турақлы үйренип келинбекте.

Районда жәми 443 газ шығыў жағдайлары анықланып, 1,5 мың метр жер астындағы ески газ қубырлары жер үстине шығарылыўы нәтийжесинде 3,5 миллион куб метр тәбийғый газ үнемлениўине ерисилди. Ҳәзирги ўақытта аварияларды сапластырыў ушын районлық газ ҳәм электр тармақлары кәрханаларында авария диспетчерлик хызмети арнаўлы техникалары күни-түни хызмет көрсетиўге таяр жағдайға келтирилген.

Сондай-ақ, гүз-қыс мәўсиминде тутыныўшыларға үзликсиз газ жеткерип бериў, транспортировкалаўда технологиялық жоғалтыўлардың алдын алыў бойынша 2025-жыл даўамында газ тармақлары ҳәм газ үскенелеринде ири оңлаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары алып барылды.

Улыўма Қарақалпақстан Республикасы бойынша өткен жыл даўамында 14 мыңнан аслам газ шығыў жағдайлары анықланып, 15 мың метр жер астында қалған тәбийғый газ қубырлары жер үстине шығарылды. Нәтийжеде жәми 140 миллион метр куб тәбийғый газ үнемленди. 132 реактив компенсаторлар ҳәм 100 мыңнан аслам үнемлеўши үскенелер орнатылды. 1 мың 994 жаңа трансформаторлар орнатылды ҳәм толық оңланды. Жәми 96,8 миллион киловатт саат электр энергиясында шығынлар азайтылып, электр энергиясының үнемлениўине ерисилди. Бул бағдардағы ҳәрекетлер республикамыздың барлық районларында даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги