Суд баслықлары пуқаралар менен ушырасты

12

Қарақалпақстан Республикасы судлары баслықлары тәрепинен Беруний районында гезектеги көшпели қабыллаў шөлкемлестирилди. Онда Беруний, Елликқала ҳәм Төрткүл районларынан келген пуқаралардың суд-ҳуқық тараўына байланыслы мүрәжатлары қабыл етилип, ҳәр тәреплеме көрип шығылды.

Көшпели қабыллаўдың тийкарғы мақсети халықты қыйнап атырған мәселелерди орнында үйрениў, пуқаралардың суд қорғаўына болған ҳуқықын тәмийинлеў және оларға нызамлы ҳәм ҳуқықый түсиниклер бериўден ибарат болды.

Қабыллаў даўамында пуқаралар тәрепинен, тийкарынан, жынаят ислери бойынша судлар тәрепинен тайынланған жазаны жеңилиреги менен алмастырыў, жумысқа тиклеў, турақ жай ҳәм жер участкаларына байланыслы кадастр мәселелери, алимент өндириў, сондай-ақ, орынлаў ҳүжжетлери менен байланыслы мәселелер бойынша мүрәжатлар билдирилди. Суд басшылары ҳәр бир мүрәжатты дыққат пенен тыңлап, әмелдеги нызамшылық нормалары тийкарында тийисли ҳуқықый түсиниклер берди. Соның менен бирге, мүрәжат етиўшилерге суд қарарлары менен байланыслы мәселелер тек ғана нызамшылықта белгиленген тәртипте, тийисли суд инстанцияларында көрип шығылыўы, бундай процесслер белгили бир мүддет ҳәм ўақыт талап етилиўи ҳәр тәреплеме түсиндирип берилди. Көшпели қабыллаўда пуқаралардың мүрәжатларына шешим табыў, олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, сондай-ақ, суд-ҳуқық системасы жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылды.

Бундай көшпели қабыллаўлар халық пенен тиккелей қарым-қатнасты күшейтиў, суд системасына болған исенимди арттырыў ҳәм пуқаралардың ҳуқықый санасы менен мәдениятын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе. Қарақалпақстан Республикасы судлары тәрепинен бундай илажлар турақлы түрде избе-из даўам еттирилип келинбекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги