Ўәлаят орайларында районлараралық экономикалық судлардың жумысы жолға қойылады

11

Төменги палатаның мәжилисинде пуқаралар ҳәм исбилерменлер ушын экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде қолайлы шараятлар жаратыўға қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды. Бул мәселе бойынша Жоқарғы суд баслығының орынбасары Малика Қаландарова толық мағлыўмат берди.

Атап өтилгениндей, нызам жойбары менен Жынаят ҳәм Экономикалық процессуаллық кодекслери, Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодекс, сондай-ақ, “Судлар ҳаққында”ғы ҳәм “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамларға бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў нәзерде тутылмақта.

Соның ишинде, ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиўде – ҳуқықы бузылған шахслардың таңлаўына бола, экономикалық суд жумысларын жүргизиўде болса – тәреплердиң келисимине тийкарланып экстерриториал судлаў механизмин енгизиў усыныс етилмекте. Онда исти көрип шығатуғын суд автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы белгилениўи нәзерде тутылған.

Нызамдағы және бир әҳмийетли жаңалық егер қарыздарға төлеўге уқыпсызлық ҳаққында ис қозғатылған болса ҳәм даўа арзасы усы ис шеңберинде көрилиўи керек екенлиги себепли көриўсиз қалдырылса, мәмлекетлик бажы қайтарылыўы белгиленбекте.

Мағлыўматларға бола, 2024-жылы экономикалық судларда 1000 нан аслам мүрәжатлар көрип шығылмай қалған.

Көплеген суд ислери ўәлаят орайларындағы судларда көрилген. Ақыбетинде ўәлаят судларында ислердиң көбейип кетиўи, ислерди көрип шығыў кешигип атырған жағдайлар бақланбақта. Сол себепли экономикалық судлардың структурасын оптималластырыў нәзерде тутылмақта.

Сол арқалы олардың жумыс нәтийжелилигин арттырыў, бирден-бир суд әмелиятын қәлиплестириў мақсет етилген. Оның шеңберинде районлараралық, районлық, қалалық экономикалық судлар сапластырылып, Қарақалпақстан Республикасы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаят орайларында районлараралық экономикалық судлардың жумысы жолға қойылатуғыны белгиленбекте.

Атап өтилгениндей, бул нормалар судқа мүрәжат етиўдеги артықша әўерегершиликти азайтыў, коррупциялық факторларды сапластырыў және суд қарарларының сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова,

 ӨзА