Лаўазымлы шахслар суд мәжилислеринде мәжбүрий қатнасады, болмаса жәрийма қолланылады

18

Әдил судлаўға ерисиў пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықларын қорғаўда әҳмийетли болып есапланады. Бул бағдарда ҳәкимшилик судлардың жумысы жолға қойылғаны үлкен әҳмийетке ийе болмақта. 2017-2024-жылларда ҳәкимшилик судлар тәрепинен 102 мыңнан аслам ис көрилген болып, олардың 61 мыңға шамаласы ямаса 60 проценти қанаатландырылған.

Бүгинги күнде ҳәкимшилик судлардың жумысына алдынғы сырт ел тәжирийбелери енгизилмекте.

Төменги палатаның мәжилисинде пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын суд арқалы қорғаўдың заманагөй механизмлерин енгизиўге қаратылған нызам жойбары биринши оқыўда көрип шығылды.

Жойбар менен ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў системасын түпкиликли жетилистириў, яғный пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын суд арқалы қорғаўдың заманагөй, халықаралық стандартларға сәйкес механизмлерин енгизиў нәзерде тутылмақта.

Жойбарда мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шахсларының суд мәжилислеринде мәжбүрий қатнасыўы белгиленбекте. Тийкарсыз себеплер менен судқа келмеген лаўазымлы шахсларға суд жәриймалары қолланылыўы нәзерде тутылмақта. Бул мәмлекетлик уйымлардың жуўапкершилигин арттырыў, суд процесслеринде ҳақыйқый тартысыў ҳәм ашық-айдынлықты тәмийинлеў, әдил судлаўды шөлкемлестириўге хызмет етеди.

Буннан тысқары, судқа ҳүрметсизлик еткени ямаса судтың жеке меншик қарарларын орынламағаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў ўәкиллиги тиккелей ҳәкимшилик судлардың өзине берилмекте. Бул суд ҳәкимиятының абырайын ҳәм тәсиршеңлигин және де беккемлейди.

Сондай-ақ, Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы, Ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў ҳаққындағы кодекслерге ҳәм “Мәмлекетлик бажы ҳаққында”ғы нызамға бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте. Бул жаңалықлар ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиў нәтийжелилигин арттырыў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға қаратылған жаңа институтлар менен тәртиплерди енгизиўди нәзерде тутады.

Нызам жойбары менен енгизилип атырған әҳмийетли жаңалықлардан бири – “исенимниң ҳуқықый қорғалыўы” принципи. Оған бола, мәмлекетлик уйымның қарарына ямаса ҳүжжетине исенип, ҳүжданлы ҳәрекет еткен пуқара ямаса исбилерменниң ҳуқықлары қатаң қорғалады. Мәмлекетлик уйым қәтеси ушын ҳадал жумыс ислеген шахс жуўапкер болмаўы нызам дәрежесинде беккемленбекте.

Ҳәкимшилик судларда ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў тәртиби белгиленбекте.

Соның менен бирге, ҳәкимшилик суд жумысларын жүргизиўде дәслепки тыңлаў институты енгизилмекте. Бул басқыш суд додалаўына шекем дәлиллерди топлаў, даўа талапларын анықластырыў ҳәм тәреплерди келисиў имканиятын береди. Бул болса жумысларды көриў мүддетлерин қысқартыў, артықша қәрежетлерди азайтыўға хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова,

ӨзА