Қазақстанда вице-президент лаўазымы енгизиледи

Қазақстанда мәмлекетлик басқарыў системасында жаңа лаўазым – вице-президент институтын енгизиў режелестирилмекте. Вице-президентти мәмлекет басшысы парламенттиң разылығы менен, көпшилик даўыс тийкарында тайынлайды. Оның ўәкилликлери шеңберин болса тиккелей президент белгилейди.
Усыныс етилип атырған тәртипке бола, вице-президент мәмлекет президентиниң тапсырмасына тийкарланып төмендеги ўазыйпаларды атқарады:
- Қазақстан Республикасының мәплерин халықаралық форумлар ҳәм сырт мәмлекетлердиң делегациялары менен сөйлесиўлерде билдириў;
- Президент атынан парламентте қатнасыў;
- Жергиликли ҳәм сырт ел жәмийетлик-сиясий, илимий ҳәм мәдений-ағартыўшылық шөлкемлер менен бирге ислесиўди жолға қойыў.
Вице-президент институтын енгизиў нормасын Конституцияда беккемлеў усыныс етилмекте. Соның менен бирге, парламент жумысын тәмийинлеп келген айырым структураларды сапластырыў, сондай-ақ, мәмлекетлик кеңесгөй лаўазымын бийкар етиў режелестирилген.
Мағлыўмат ушын, президент Қасым-Жомарт Тоқаев Конституцияға өзгерис киргизиў бойынша референдум өткериў ҳаққында тоқтап, бул илаж сәнеси арнаўлы комиссия өз жумысын жуўмақлағаннан соң жәрияланатуғынын мәлим етти.
“Биз, тийкарында, жаңа Конституцияны қабыл етиўге қәдем тасламақтамыз. Соның ушын мен Конституциялық комиссия дүзиўге қарар еттим. Ертең тийисли пәрманға қол қояман”, – деди мәмлекет басшысы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги