Спортта допингтиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тәртиби және де жетилистириледи

Денетәрбия ҳәм спорт тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары, сондай-ақ, денетәрбия ҳәм спортты раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў кеңейтиледи.
Денетәрбия ҳәм спорт субъектлери қатарына Спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан Миллий паралимпия комитети киргизиледи.
Спортта допингтиң алдын алыў ҳәм оған қарсы гүресиў тәртиби және де жетилистириледи. Спорт жарысларының нәтийжелерине нызамға қайшы түрде тәсир көрсетиўге қарсы гүресиў бойынша жаңа нормалар киргизиледи.
Бул пикирлер Сенаттың Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитетиниң мәжилисинде “Денетәрбиясы ҳәм спорт ҳаққында”ғы нызамды дәслепки тәризде көрип шығыў ўақтында атап өтилди.
Нызам менен паралимпия, сурдлимпиада, арнаўлы олимпиада ҳәм көзи әззилер спорты ҳәрекетлерине байланыслы нормалар, спорт федерациялары, спорт клублары ҳәм спорт лигаларының ҳуқықый статусы ҳәм жумыс алып барыў тәртиби, оларды реестрге киргизиў ҳәм шығарыў нормалары киргизилмекте.
Нызамда тренер, спорт төрешиси ҳәм спорт агентиниң ҳуқықый статусы, ҳуқық ҳәм миннетлемелери де белгиленбекте.
Нызамда халықты ғалабалық спортқа тартыў ҳәм ғалабалық спорт илажларын системалы өткерип барыў белгиленбекте.
Нызамда спортшы ҳәм тренерлер мәмлекет тәрепинен бир мәртелик ҳәм айлық төлем түринде қоллап-қуўатланыўы мүмкин екенлиги нәзерде тутылмақта.
Сенаторлар, министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери, комитет экспертлери, Жаслар парламентиниң ўәкиллери және жергиликли кеңеслердиң тийисли турақлы комиссияларының ағзалары қатнасқан додалаўдан соң нызамды тастыйықлаў ҳаққындағы жуўмақ қабыл етилди.
Н.Абдураимова,
ӨзА