Қорғаў жумысында ИИМ ҳәм Миллий гвардияның ўәкилликлери шегарасы анықластырылмақта

15

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының мәжилисинде “Қорғаў жумысының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары екинши оқыўда көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул нызам жойбары менен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекске киргизилип атырған өзгерислер шеңберинде ҳәкимшилик жумысларды көрип шығыў ҳәм жаза қолланыўға байланыслы ўәкилликлер Ишки ислер министрлиги жанындағы қорғаў бөлимлериниң тийисли лаўазымлы шахсларына берилмекте.

“Ишки ислер уйымлары ҳаққында”ғы, “Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы ҳаққында”ғы, “Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында”ғы және “Қорғаў жумысы ҳаққында”ғы нызамларға киргизилип атырған өзгерислер арқалы қорғаў жумысы тараўында Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардияның ўәкилликлери шегарасы анық белгиленбекте.

Ҳүжжет депутатлар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар тийкарында жетилистирилди. Атап айтқанда, Халықаралық ислер, қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитети жуўапкершилигинде жумысшы топар мәжилислеринде ҳәр тәреплеме додаланып, нормаларды анықластырыўға, әмелдеги нызамшылыққа муўапықластырыўға қаратылған бир қатар өзгерислер киргизилди.

Атап өтилгениндей, жойбарда белгиленетуғын нормалар қорғаў жумысының ҳуқықый тийкарларын буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди.

Муҳтарама Комилова, ӨзА