«Шайх Зоид атындағы “Инсан бирадарлығы” халықаралық сыйлығының төрешилер қурамында қатнасыў ҳәм 2026-жылғы сыйлық ийелерин шын жүректен қутлықлаў мен ушын үлкен мақтаныш

22

Әзербайжан Республикасы менен Армения Республикасы арасында ерисилген тынышлық келисими ҳәттеки узақ жыллар даўам еткен ҳәм қурамалы келиспеўшиликлерди де шешиў мүмкин екенлигин айқын көрсетти.

Зарқа Яфталиди айрықша атап өтиўди қәлеймен. Оның қызлардың билим алыў ҳуқықын қорғаў бағдарындағы көп жыллық жумысы избе-из ҳәм исенимли ҳәрекетлер арқалы инсанлардың тәғдирин, пүткил жәмийетлердиң келешегин өзгертиў мүмкин екенлигин көрсетеди.

Мен ушын тынышлық та, қызлардың билим алыўға болған ҳуқықлары да жәмийетлердиң турақлылығы ҳәм раўажланыўы менен тығыз байланыслы болған әҳмийетли қәдириятлар болып есапланады», – деди Саида Мирзиёева өзиниң телеграм каналында

Қарақалпақстан хабар агентлиги