600 миллион сумлық қарыздарлық өндирилди

16

Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери тәрепинен суд қарарлары тийкарында басқарыў сервис компанияларының пайдасына қарыздарлықларды өндириўге байланыслы ҳүжжетлердиң орынланыўын тәмийинлеў бағдарында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, усы жылдың өткен дәўиринде физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден басқарыў сервис компанияларының пайдасына қарыздарлықларды өндириўге байланыслы жәми 1,2 миллиард сумлық 1 мың 545 орынлаў ҳүжжети келип түскен болып, алып барылған орынлаў ҳәрекетлери даўамында 600 миллион сумлық қарыздарлық әмелде өндирилди.

Сондай-ақ, жәми 164 миллион сумлық 78 орынлаў ҳүжжети бойынша қарыздарлық өндирилиўи пуқаралардың мийнет ҳақысына қаратылды ҳәм қарыздарлардың атында болған 47 миллион сумлық мүлклер белгиленген тәртипте хатланып, реализациялаў илажлары көрилмекте.

Бул бағдардағы жумыслар даўам еттирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги