2025-жылда мәмлекетимиздиң жоқары дәрежедеги сапарлары географиясы кеңейди

ӨзЛиДеП фракциясының мәжилисинде нызам жойбарларын додалаўдан алдын мәмлекетимиз басшысының басшылығында Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысына бағышланған видеоселектор мәжилисинде белгилеп берилген ўазыйпалардың әҳмийети ҳаққында сөз болды.
Депутатлар сыртқы сиясатты заман талапларынан келип шыққан ҳалда сын көзқарастан қайта көрип шығыў, оны анық нәтийжеге бағдарланған жаңа система тийкарында шөлкемлестириў зәрүр екенлиги, геосиясий турақсызлық күшейип баратырған шараятта экономикалық дипломатия ҳәм пуқаралардың мәплерин қорғаў сыртқы сиясаттың тийкарғы бағдары сыпатында белгилеп берилгенин атап өтти.
Атап өтилгениндей, 2025-жылы мәмлекетимиздиң сыртқы сиясат тараўында жоқары дәрежедеги сапар етиўлер географиясы кеңейип, “Орайлық Азия плюс” форматлары жеделлести, стратегиялық шерикликлер саны 19 ға жетти.
Сыртқы саўда айланысы биринши мәрте 80 миллиард доллардан асты, экспорт ҳәм сырт ел инвестициялары жоқары көрсеткишлерге шықты. Бул нәтийжелер сыртқы сиясаттың экономикалық нәтийжелилиги артып баратырғанын айқын көрсетеди.
Атап өтилгениндей, Президентимиз экономикалық дипломатияны күшейтиўди тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгилеп, елшилер алдына анық ўазыйпалар қойды. Енди дипломатиялық ўәкилханалардың жумысы экспорт түсимлери, инвестиция тартыў, жаңа базарлар ашыў, туристлер ағымын көбейтиў ҳәм технологиялар тартыў сыяқлы көрсеткишлер менен баҳаланады. Елши енди тек ғана сиясий емес, ал экономикалық нәтийже ушын да жуўапкер екени қатаң белгиленди.
Додалаўларда фракция ағзалары сырт елдеги пуқараларымыздың мәплерин қорғаў мәселелерине де әҳмийет қаратты. Шөлкемлескен мийнет миграциясын кеңейтиў, пуқараларымызды кәсип ҳәм тилге оқытыў арқалы нызамлы ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынларына бағдарлаў сыяқлы ўазыйпалар сыртқы сиясатта инсан мәплерине хызмет ететуғыны атап өтилди.
Муҳтарама Комилова, ӨзА