“Өзбекнефтьгаз” газ қуйыў шақапшаларында шеклеўлер киргизилиўи себепли бензин бериўди көбейтти

18

Суўық ҳаўа райы себепли газ қуйыў шақапшаларының жумысына ўақтынша шеклеўлер киргизилиўи мүнәсибети менен “Өзбекнефтьгаз” АЖ биржа саўдаларына шығарылатуғын автобензин көлемин талаптан келип шығып арттырады.

Барлық аймақларда жетерли резервлер жаратылған. Автобензинге болған талапты толық қанаатландырыў мәселеси мәмлекетлик қадағалаўға алынған.

Соның менен бирге, жеке меншик АЖҚШ ийелери баҳаларды тийкарсыз көтермеўге шақырылды. Қадағалаў илажлары күшейтиледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги