БАӘ Президенти Өзбекстан елшисин Биринши дәрежели “Мустақиллик” ордени менен сыйлықлады

15

Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён Өзбекстан Республикасының усы араб мәмлекетиндеги елшиси Абдулазиз Оққуловты мәмлекеттеги елшилик жумысының жуўмақланыўы мүнәсибети менен Биринши дәрежели “Мустақиллик” ордени менен сыйлықлады. Бул ҳаққында “Gulf Today” басылымы хабар берген.

Жоқары сыйлықты мәмлекет Сыртқы ислер министрлигинде болып өткен ушырасыўда Мәмлекетлик министр Саид бин Муборак Ал-Ҳажрий тапсырды. Қызғын сөйлесиў ўақтында министр БАӘ Өзбекстан менен барлық тараўларда қатнасықларды беккемлеўге садық екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Сондай-ақ, Ал-Ҳажрий елшиге алдағы жумысында табыслар тилеп, оның ўәкиллиги шеңберинде еки тәреплеме қатнасықларды раўажландырыўдағы орнын жоқары баҳалады.

Өз гезегинде, Аққулов Президент Шайх Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаёнға терең миннетдаршылық билдирип, БАӘ басшылығы мәмлекеттиң дүнья көлеминдеги абырайын беккемлеўге исенимли умтылып атырғанын сәўлелендиретуғын раўажланыў ҳәм жетискенликлерди тән алды.

Ушырасыў жуўмағында дипломатымыз өз-ара байланысларды беккемлеў миссиясының табысына үлес қосқан бирге ислесиў ушын ҳүкимет қурамындағы барлық уйымларға миннетдаршылық билдирди.

Ө.Алимов, ӨзА