Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў жумысларыныӊ барысы көрип шығылды

10

Президент Шавкат Мирзиёевқа халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын шөлкемлестириў және өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша мәлимлеме берилди.

Бул илаж мәмлекетимизде демографиялық процесслер, мийнет ресурслары, социаллық инфраструктура ҳәм аймақлық раўажланыўды илимий тийкарда режелестириўде үлкен әҳмийетке ийе. Дизимге алыў процесслери халықаралық стандартлар тийкарында, заманагөй санлы шешимлерден пайдаланған ҳалда әмелге асырылмақта.

Дизимге алыў усы жылдың 15-январынан 28-февралына шекем еки басқышта өткерилмекте. 15-31-январь күнлери даўам ететуғын биринши басқышта пуқаралар арнаўлы мәлимлеме системасы арқалы онлайн дизимнен өтиўи мүмкин. Екинши басқышта болса 4-28-февраль күнлери “мәҳәлле жетилиги” хызметкерлери тәрепинен үйме-үй жүрип, сораўнамалар планшет қурылмалары арқалы толтырылады.

Халықты дизимге алыў процесслери census.stat.uz порталында әмелге асырылып, OneID системасы арқалы идентификацияланыўы белгиленген. Барлық мағлыўматлар геомәлимлеме системасы тийкарында мониторинг етилмекте. Усы мақсетте республика бойынша 7,6 миллионнан аслам квартира ҳәм турақ жайлардың геомазыллери қәлиплестирилди, процесслерди реал ўақыт режиминде бақлап барыў имканиятын беретуғын арнаўлы мониторинг дашбордлары ислеп шығылды.

Пуқаралар тәрепинен усынылатуғын барлық мағлыўматлар нызамшылық талапларына муўапық қорғалады, жеке мағлыўматлар сыр сақланады ҳәм тек ғана статистикалық мақсетлерде қолланылады.

Дизимге алыў илажларын жоқары дәрежеде өткериў ушын 14 аймақлық, 208 районлық ҳәм қалалық штаблар шөлкемлестирилди. 60 мыңға шамалас дизимге алыўшы хызметкерлер таярланды. Соның ишинде, 54 мың “мәҳәлле жетилиги” ўәкиллери, 2,6 мың резерв хызметкерлери ҳәм 4 мың аймақлық штаб ағзалары процесске тартылды. Сондай-ақ, министрликлер ҳәм уйымлардан 480 тренер, жоқары билимлендириў мәкемелеринен 3200 волонтёр оқыўдан өткерилди.

Халықты хабардар етиў ҳәм үгит-нәсиятлаў жумысларына да айрықша итибар қаратылмақта. Соның ишинде, 110 үгит-нәсиятлаў видеоролиги, 600 телевизиялық көринис таярланды, социаллық тармақта 6,3 мың, халық тығыз жайласқан орынлар ҳәм жәмийетлик транспортларда 23 мыңнан аслам мәлимлеме материаллары жайластырылды.

Атап өтилгениндей, бүгинги күнге шекем арнаўлы портал арқалы 2,48 миллион шаңарақ және 31 мың фермер хожалықлары ҳәм аўыл хожалығы кәрханалары дизимге алынды.

Мәмлекетимиз басшысы халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў илажларын сапалы өткериў, мағлыўматлардың исенимлилигин тәмийинлеў ҳәм олардан қарар қабыл етиў процесслеринде кеңнен пайдаланыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

ӨзА