Өзбекстан Президенти Италия Бас министри менен ушырасыў өткерди

19-январь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев пайтахтымызда тоқтаған Италия Республикасы Бас министри Жоржа Мелони менен ушырасыў өткерди.
Өзбекстан – Италия стратегиялық шериклик қатнасықларын және де беккемлеў ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.
2025-жылдың май айында Самарқандта жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң избе-из әмелге асырылып атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Ҳәр қыйлы дәрежелерде жедел сөйлесиўлер даўам етпекте. Товар алмасыў көлеми ҳәм қоспа кәрханалардың саны турақлы өсип бармақта. Аймақлараралық, соның ишинде, Ломбардия менен алмасыўлар раўажланбақта. Өзбекстан пуқараларының тәртипли мийнет миграциясы ушын квоталар ажыратылды.
“Finopera”, “ANCI”, “Pietro Fiorentini”, “Danieli” ҳәм басқа да компаниялар менен биргеликте ири санаат кооперациясы жойбарлары әмелге асырылмақта. Өткен жылдың ақырында Самарқандта Тушиа университетиниң филиалы ашылды.
Усы жылы сыртқы сиясат уйымларының стратегиялық қарым-қатнасы ҳәм ҳүкиметлераралық комиссияның мәжилислери, сондай-ақ, екинши Ректорлар форумын өткериў режелестирилген.

Тоқымашылық санааты, геология, энергетика, химия, қурылыс материаллары, финанс базары ҳәм басқа да тийкарғы тараўлардағы биргеликтеги жойбарларды алға қойыўға айрықша итибар қаратылды.
Италияда Өзбекстан, Өзбекстанда болса Италия киносы күнлерин өткериў ҳаққында келисимге ерисилди. Өзбекстанның гезектеги Венеция биенналесинде қатнасыўы ҳәм усы жылы Миланда әмелий көркем өнер ҳәм музей көргизбелерин өткериў режелери қоллап-қуўатланды.
Халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртиби бойынша да пикир алысылды.
Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев Италия Бас министри Жоржа Мелониди Өзбекстанға арнаўлы сапар менен келиўге мирәт етти.

ӨзА