“Шайх Зоид сыйлығы-2026” жеңимпазлары жәрияланды

15

Бирлескен Араб Әмирликлеринде Шайх Зоид атындағы “Инсан бирадарлығы” сыйлығы –  “Zayed Award for Human Fraternity” лауреатлары жәрияланды.

Бул сыйлық динлераралық тынышлық, өз-ара ҳүрмет, социаллық әдиллик ҳәм инсан потенциалын раўажландырыўға үлкен үлес қосқан физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге берилетуғынын атап өтиў керек. Бул рет Әзербайжан Республикасы ҳәм Армения Республикасы арасындағы тарийхый тынышлық келисим ҳәм ҳуқық қорғаўшысы Зарқа Яфтали усы сыйлыққа мүнәсип, деп табылды.

Төрешилер қурамына қарым-қатнас ҳәм аўызбиршиликте жасаў тараўындағы белгили ғайраткерлер, экспертлер киргизилген. Олардың арасында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева да бар.

Айтпақшы, С.Мирзиёева бул сыйлық төрешилер қурамындағы Орайлық Азияның биринши ҳәм ҳәзирше жалғыз ўәкили болып есапланады. Бул таңлаў оның халықаралық майданда гуманитарлық басламалар ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнасты раўажландырыўға қосқан мүнәсип үлесиниң ҳақылы тән алыныўы болып есапланады. Сондай-ақ, бул ўақыя Жаңа Өзбекстанның мәдениятлараралық қарым-қатнас ҳәм гуманитарлық басламаларды қоллап-қуўатлаў ушын ашық мәмлекет сыпатындағы абырайын беккемлейди, республикамыздың глобаллық машқалаларды жедел шешиўге исенимли умтылысын тастыйықлайды.

Мағлыўмат орнында: Шайх Зоид сыйлығы 2019-жыл Абу-Дабиде болып өткен Рим папасы Франциск ҳәм Ал-Азҳар бас имамы Шайх Аҳмад Ат-Таййиб арасындағы тарийхый ушырасыў ҳүрметине шөлкемлестирилген. Сол ўақытта сыйлыққа тийкар болған “Инсаний дослық ҳаққындағы ҳүжжет”ке қол қойылған еди. Айырым шахслар ҳәм шөлкемлерге инсаный дослық қәдириятына тийкарланған және де тыныш, татыў ҳәм мийрим-шәпәәтке толы дүньяны қурыўға қосқан үлкен үлеси ушын берилетуғын бул сыйлыққа 2019-жылдан берли 19 мәмлекеттен 19 адам сазаўар болды.

Бүгинги күнге шекем бул сыйлыққа Рим папасы Франциск (ҳүрметли лауреат), Ал-Азҳардың уллы имамы Аҳмад Ал-Таййиб (ҳүрметли лауреат), БМШ Бас хаткери Антониу Гутерриш, Экстремизмге қарсы гүресиў бойынша франко-марокколы белсендиси Латиф ибн Зиатен, Иордания Ҳошимийлер Патшалығының Патшасы Абдулла II бин Ал-Ҳусайн ҳәм Патшайым Рания Ал-Абдалла, Гаити “Билим ҳәм еркинлик қоры” гуманитарлық шөлкеми (ФОКАЛ), Италияның “Муқаддес Эгидия жәмийетшилиги,” кениялы тынышлық сақлаўшы Шамса Абубакар Фадхил, Индонезияның “Наҳдатул улама” ҳәм “Муҳаммадия” қайырқомлық шөлкемлери, египетли белгили кардиохирург, профессор Магди Яқуб, Чили мәмлекетлик емес шөлкеминиң тийкарын салыўшысы Нелли Леон Корреа, Барбадос Бас министри Миа Амор Моттли, Америка азық-аўқат жәрдеми шөлкеми «Пүткил жер жүзилик орайлық асханасы», эфиопиялы-америкалы жас өспиримлер саламатлығы тараўындағы новатор Хеман Бекеле ийе болған.

2026-жылғы сыйлықтың лауреатлары Әзербайжан Республикасы ҳәм Армения Республикасы арасындағы тарийхый тынышлық келисими, сондай-ақ, аўған қызлары ушын билимлендириў тәрепдары болған ҳуқық қорғаўшысы Зарқа Яфтали болды.

Әзербайжан Республикасы ҳәм Армения Республикасы арасында тынышлық ҳәм мәмлекетлераралық қатнасықларды орнатыў ҳаққындағы келисим Кавказдағы онлаған жыллар даўам еткен келиспеўшилик ҳәм гуманитарлық азап-ақыретке шек қойыўға қаратылған еки мәмлекет басшыларының әҳмийетли қарары болып есапланады. Бул ҳүжжет еки қоңсы мәмлекеттиң тынышлық, қарым-қатнас, келиспеўшиликти сапластырыў жолындағы улыўма ҳәрекетиниң көриниси болып есапланады.

Пүткил өмирин ҳаял-қызлар ҳәм балалардың билим алыў ҳуқықын қорғаўға бағышлаған мәрт ҳаял Зарқа Яфтали бул сыйлыққа Аўғанстан ҳәм басқа да мәмлекетлердеги 100 мыңнан аслам халыққа билимлендириў ресурсларын ажыратқаны, психологиялық-социаллық жәрдем ҳәм мәҳәлле дәрежесинде хызметлер көрсеткени ушын миясар болды.

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев тынышлық келисиминиң тән алынғаны Зоид сыйлығы менен сыйлықланғанынан қуўанышлы екенин билдирип, Қубла Кавказ регионы ҳәм пүткил дүньяда тынышлық орнатыў бағдарындағы ҳәрекетлери ушын 2026-жылғы сыйлықты тапсырыў комитетине миннетдаршылық билдирди.

Армения Республикасы Бас министри Никол Пашинян да бул ўақыяны тарийхый келисимди турмысқа енгизиўге үлес қосқанлардың қызғын тән алыўы сыпатында “үлкен мақтаныш” деп атады.

Өз гезегинде, Зарқа Яфтали “жүдә толқынланғанын, күш-ғайратқа толғанын” айтып, инсаный дослық ушын Зоид сыйлығы төрешилер қурамына шын жүректен миннетдаршылық билдирди. Оның атап өтиўинше, лауреат етип сайланыўы Аўғанстан ҳаял-қызлары ушын “әҳмийетли хабар,” көплеген аўған ҳаял-қызлары, әсиресе онлайн мектеплердиң студентлери, жас қызлар – тынышлық, қәўипсизлик ҳәм жетекшилик курсларының тыңлаўшыларына үмит ҳәм хошамет береди.

Сыйлықтың 2026-жылғы ийелери қарым-қатнас ҳәм аўызбиршиликте жасаў тараўындағы белгили ғайраткерлер, экспертлерден ибарат бийғәрез халықаралық төрешилер қурамы тәрепинен таңланды. Олардың арасында Европа Кеңесиниң бурынғы басшысы, Белгияның бурынғы Бас министри Шарль Мишель, Африка Аўқамы комиссиясының бурынғы баслығы, Чад бурынғы Бас министри Муса Факий Муҳаммад, ЮНИСЕФ атқарыўшы директоры Кэтрин Рассел, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева, Муқаддес тахттың мәденият ҳәм билимлендириў Дикастериясы префекти, кардинал Хосе Толентино де Мендонса, инсаный дослық ушын Зоид сыйлығының бас хаткери, судья Муҳаммад Абдулсалам сыяқлы абырайлы шахслар бар.

– Быйыл инсаный дослық ушын Зоид сыйлығын тапсырыў комитети тәрепинен Әзербайжан ҳәм Армения арасындағы тарийхый тынышлық келисиминиң тән алыныўы қарым-қатнас ҳәм тилеклеслик мәдениятын үгит-нәсиятлаўға қаратылған миссиямыз ҳәм мақсетлеримиздиң көриниси сыпатында глобаллық тынышлықты алға қойыў жолындағы әҳмийетли басқыш ҳәм үлкен дипломатиялық жетискенлик болып есапланады, – дейди Зоид сыйлығының бас хаткери Муҳаммад Абдулсалам. – Биз Кавказдағы дерлик қырқ жыллық кескинлик ҳәм келиспеўшилик бетин өзгертемиз, ҳәр еки халық ушын және де қәўипсиз, улыўмалық келешек ушын беккем тийкар жаратамыз.

Коллегия ағзасы, Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева 2026-жылғы сыйлық ийелери жәрияланыўы тынышлық ҳәм инсан қәдири принциплерине глобаллық әдеп-икрамлылық садықлықтың тастыйығы екенине итибар қаратты. Оның атап өтиўинше, бул тән алыў халықаралық жәмийетшиликке және бир мәрте үмит бағышлайды, адамзаттың дослығы әҳмийетли ҳәм турақлы өзгерислерге үлес қосыў қәбилетин тастыйықлайды.

– Комитет ушын Зарқа Яфталиди аўған қызларының билим алыў ҳуқықын қорғаў ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықы менен имканиятын кеңейтиў жолындағы тынымсыз ҳәрекетлери, жетекшилиги ушын тән алыў мақтаныш, – деди ЮНИСЕФ атқарыўшы директоры Кэтрин Рассел.

2026-жылғы сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў мәресими БМШ тәрепинен тән алынған Халықаралық инсан дослығы күни – 4-февральда Бирлескен Араб Әмирликлери Абу-Даби қаласында болып өтеди. Бул илаж дослықтың адамгершилик қәдириятлары онлаған жыллық кескинликлерди жеңип өтиўге уқыплы екенлигин атап өтеди, халықаралық жәмийетшиликти глобаллық машқалаларды шешиў бойынша жәмийетшилик ҳәрекетлерге илҳамландырады.

Төрешилер қурамы қурамында Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының басшысы Саида Мирзиёева айрықша орын ийелейтуғынын атап өтиў керек. Бул қатнасыў тек ғана Өзбекстан ўәкилиниң гуманитарлық басламалар ҳәм мәдениятлараралық қарым-қатнасқа қосқан жеке үлесин тән алып ғана қоймастан, ал мәмлекетимиздиң тынышлық ҳәм кеңпейилликти жедел үгит-нәсиятлаўшы мәмлекет сыпатында халықаралық абырайын да арттырады.

Ўткир Алимов, ӨзА