Енди Өзбекстан паспорты менен 61 мәмлекетке визасыз саяхат етиў мүмкин

25

Жаңа халықаралық рейтинг нәтийжесине бола, Өзбекстан пуқаралары 61 мәмлекетке визасыз ямаса виза алыўдың әпиўайыластырылған тәртиби тийкарында саяхат етиў имканиятына ийе болды.

Халықаралық миграция ҳәм пуқаралық мәселелери бойынша изертлеў алып баратуғын абырайлы компания жәриялаған “Henley Passport Index” рейтингинде мәмлекетимиз паспорты дүньяда 75-орынды ийеледи. Қырғызстан да биз бенен бирдей нәтийже көрсеткен.

Орайлық Азия мәмлекетлери арасында Қазақстан жетекши: 78 мәмлекетке визасыз кириў имканияты, 61-орын.

Ҳақыйқатында да, 2025-жылдың басында паспортымыздың статусы жағынан 80-орында еди. Яғный, пуқараларымыз 64 мәмлекетке еркин кире алатуғын еди. Ҳәзир Өзбекстанның орны жақсыланған болса да, визасыз мәмлекетлер саны бираз азайған.

Жәҳән көлеминде жетекшилик елеге шекем Сингапур паспортында. Бул мәмлекет пуқаралары 192 мәмлекетке визасыз саяхат етиўи мүмкин. Бул индекс тарийхындағы ең жоқары көрсеткиш. Екинши орынды Қубла Корея ҳәм Япония ийелеп алған – 188 мәмлекет ашық. Үшинши орында Дания, Люксембург, Испания, Швеция ҳәм Швейцария. Европаның бул мәмлекетлеринен 186 мәмлекетке визасыз кириў мүмкин.

Рейтингтиң төменги бөлегинде көп жыллардан берли қураллы келиспеўшилик тәсиринде қалып атырған мәмлекетлер. Аўғанстан паспорты ең әззи – аўғанлар тек ғана 24 мәмлекетке визасыз барады. Сондай-ақ, Сирия ҳәм Ирак та ең төмен көрсеткишке ийе мәмлекетлер қатарында қалмақта.

Ф.Яхшибоева, ӨзА