Өзбекстан Жақын Шығыста тынышлықты беккемлеў бойынша халықаралық басламаға қосылады

43

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамптан Жақын Шығыста тынышлықты беккемлеў ҳәм келиспеўшиликлерди шешиў бойынша халықаралық басламаға қосылыў бойынша рәсмий усыныс келип түсти.

Хатта атап өтилиўинше, бул баслама 2025-жыл 29-сентябрьде жәрияланған ҳәм дүнья жетекшилери тәрепинен қоллап-қуўатланған, сондай-ақ, БМШ Қәўипсизлик Кеңесиниң 2025-жыл 17-ноябрьдеги 2803-санлы резолюциясы менен мақулланған Газадағы келиспеўшиликти сапластырыў бойынша комплексли режесине тийкарланады.

Басламаның тийкарғы мақсети узақ мүддетли тынышлық, турақлылық ҳәм қәўипсизликти қәлиплестириў ушын жуўапкершиликти өз мойнына алыўға таяр болған мәмлекетлерди бирлестириўге қаратылған жаңа халықаралық структура – Тынышлық кеңесин дүзиўден ибарат.

Өзбекстан Республикасына Тынышлық кеңесине шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында қосылыў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысы америкалы кәсиплесине жуўап хатын жоллап, онда Өзбекстан Тынышлық кеңесине шөлкемлестириўши мәмлекет сыпатында қосылыўға таяр екенин билдирди.

Президентимиз өз хатында бул басламаға Жақын Шығыстағы көп жыллық келиспеўшиликлерди шешиў, кең регионда тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў жолындағы әҳмийетли қәдем сыпатында қаралып атырғанын атап өтти.

ӨзА