Мәмлекетлик департамент ИРҚК қаржыландырылыўына байланыслы мағлыўмат ушын сыйлық жәриялады

АҚШ Мәмлекетлик департаменти Иран ҳүкиметине қараслы Ислам революциясы қорғаўшылары корпусы (ИРҚК)на миллиардлап доллар миллий байлық жумсап атырғаны, бул қаржы наразылық шығыўын бастырыў ушын жумсалып атырғаны ҳаққында баянат берди. Сондай-ақ, департамент ИРҚКның финанслық тәмийнатының жабылыўына жәрдемлесетуғын мағлыўмат ушын сыйлық жәриялады. Атап өтилиўинше, хабар бериўши тек ғана төлем емес, ал саяхат қәрежети ушын компенсация да алыўы мүмкин.
С.Раҳимов, ӨзА