Санаат кәрханаларын пайтахттан сыртқа көшириў басланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 30-январьдағы “Өзбекстан-2030” стратегиясын “Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм “жасыл экономика” жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында”ғы 16-санлы Пәрманына муўапық, мәмлекетте экологиялық жақтан қәўипли ҳәм энергия жумсалыўы жоқары болған өндирислик қуўатлықларды модернизациялаў және оларды басқышпа-басқыш қалалардан сыртқа көшириў бойынша системалы илажлар әмелге асырылмақта.
Бир санаат кәрханасын пайтахт аймағынан сыртқа көшириў жылына 226 тоннадан аслам шығындыны қысқартыў имканиятын береди.
Бул ҳүжжетте жуўапкер шөлкемлер менен биргеликте Ташкент ҳәм Нөкис қалалары, сондай-ақ, ўәлаят орайларынан асбест ҳәм цемент санааты, былғары аяқ кийим ҳәм қусшылық өндирислери, қара ҳәм реңли металлургия, сондай-ақ, энергия тутыныўы жоқары болған басқа да тармақларға тийисли кәрханаларды көшириў бойынша тийкарланған усыныслар ислеп шығыў нәзерде тутылған.
Атап айтқанда, Ташкент қаласында жумысы усы талапларға сәйкес келетуғын 87 кәрхана болып, оларды көшириў өндирис қуўатлықларын модернизациялаў ҳәм технологиялық процесслерди заманагөй экологиялық стандартларға муўапықластырыў шәрти менен басқышпа-басқыш әмелге асырылыўы режелестирилген.
Белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Арнаўлы комиссия тәрепинен санаат объектлеринде турақлы түрде рейд тексериўлери өткерилмекте. Соның ишинде, Ташкент қаласының Янгиҳаёт районы Қубла санаат зонасында екилемши реңли металларды жыйнаў, қайта ислеў ҳәм ислеп шығарыўға қәнигелескен “Өзвторсветмет” АЖ жумысы тексерилип көрилди. Бул кәрхана экологиялық қәўиплиликтиң I категориясына тийисли объект есапланады.
2025-жыл октябрь айында өткерилген тексериў нәтийжелерине бола, қоршаған орталықты патасландырыў жағдайлары анықланған. Кәрханаға мәжбүрий көрсетпе берилип, жеткерилген экологиялық зыян ушын 18 миллиард 91 миллион 717 мың 137 сум муғдарында компенсация есапланды.
Арнаўлы комиссияның қарары ҳәм Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң көрсетпелерине тийкарланып, қоршаған орталыққа унамсыз тәсирдиң алдын алыў мақсетинде кәрхана Жиззақ ўәлаятындағы санаат зонасына көшириледи ҳәм Янгиҳаят районы аймағында өндирис жумысын тоқтатады.
Компенсация төлемлери бойынша берилген жеңилликлер есабынан ескирген ҳәм экологиялық жақтан зыянлы еритиў печьлери утилизацияланады ҳәм кәрхана жумысын заманагөй экологиялық талапларға толық жуўап беретуғын, технологиялық жақтан жетилискен үскенелерде даўам еттиреди.
Көрилген илажлар нәтийжесинде жылына орташа 226,7 тонна зыянлы затлардың атмосфераға шығарылыўының алды алыныўы күтилмекте. Бул болса Ташкент қаласының Янгиҳаят районында ҳаўа сапасының сезилерли дәрежеде жақсыланыўына хызмет етеди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги