Классикалық дипломатия шегараларын кеңейткен қарым-қатнас ямаса елшилердиң жуўапкершилиги артты

Мүнәсибет
Мәмлекетимиз басшысы өткен жылы 26 сырт мәмлекетке жоқары дәрежедеги сапарларды әмелге асырды. Сондай-ақ, жаңа тарийхымызда биринши мәрте бир қатар мәмлекетлер басшыларының Өзбекстанға сапарлары шөлкемлестирилди.
“Орайлық Азия плюс” форматындағы көп тәреплеме сөйлесиўлер де нәтийжели болды. Кейинги жылларда 11 мәмлекет пенен стратегиялық шериклик орнатылды. Бүгинги күнде бундай шериклердиң саны 19 ға жетти.
Бул пикирлер Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 15-январь күни Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысына бағышланған видеоселектор мәжилисинде атап өтилди.
Халықаралық экспертлер бул сөйлесиўди сыртқы сиясаттағы жаңа басқыш сыпатында баҳаламақта. Мәжилисте қатнасқан елшилер ӨзАның хабаршысына өз пикирлерин билдирди.
Ботиржон АСАДОВ,
Россия Федерациясындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елши:
– Мәмлекетимиз басшысы атап өткен мәселелер, берилген тапсырмалар ҳәм жаратылған имканиятлар дипломатлар ушын оғада әҳмийетли көрсетпелер болды. Жәҳән сиясий көриниси кескин өзгерип атырған бир ўақытта сыртқы сиясат жумысы оғада тең салмақлы ҳәм ҳәр тәреплеме таллаўға тийкарланған болыўы зәрүр. Президентимиз бүгинги шараятта Сыртқы ислер министрлиги қандай ислеўи керек екенлиги, Жаңа Өзбекстан елшиси қандай болыўы керек екенлиги ҳаққында анық, ашық усыныслар берди.
Жумысымыздағы кемшиликлер де ашық атап өтилди. Бул биз ушын әҳмийетли сабақ. Мәжилисте экономикалық дипломатияны сезилерли дәрежеде күшейтиў, экспорт ҳәм инвестиция көлемин арттырыў, жаңа базарлар ашыў сыяқлы тийкарғы ўазыйпалар белгилеп берилди.

Туризм тараўында елшилердиң роли және де арттырылыўы, ўатанласлар менен турақлы пикирлесиўде болыў, машқалаларды орнына барып шешиў, “кабинет дипломатиясы”нан ўаз кешиў сыяқлы көрсетпелер де ҳәр биримиз ушын айрықша жуўапкершилик жүкледи.
Буннан былай бизден белсенди интакерлик, нәтийже ҳәм анық әмелий жумыс талап етиледи.
Алишер АБДУСАЛОМОВ,
Корея Республикасындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елши:
– Президентимиз сыртқы экономикалық байланысларды кеңейтиўде аймақлар ҳәм елшиханалар арасындағы бирге ислесиў жетерли дәрежеде раўажланбағанын ашық атап өтти. Бул мәселе бизге жаңа ўазыйпалар жүклейди. Ўәлаятлар менен биргеликте ислеп шығарылып атырған өнимлерди сырт елде системалы үгит-нәсиятлаў, кәрханаларымызға сыртқы базарға шығыўда әмелий жәрдем бериў биз, елшилер ушын тийкарғы бағдар болып қалады.
Соның менен бирге, Қубла Корея менен биргеликте алдыңғы технологияларды тартыў, санаатты модернизациялаўға хызмет ететуғын жойбарларды көбейтиўге итибар қаратамыз. Жоқары технологиялы өндирислерди елимизге алып келиў бойынша да анық ўазыйпаларды режелестирип атырман.
Туризм ҳәм мәденият тараўларында жаңа көзқарасты енгизиў зәрүр екенлиги айтылды. Сондай-ақ, биз виртуал туристлик көргизбелерди шөлкемлестириў, Корея базарында миллий өнимлеримизди үгит-нәсиятлаў бойынша жаңаша жумыс ислеўге өтемиз. Билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм кадрлар таярлаў бойынша болса халықаралық грантларды кең көлемде тартыў режелерин белгилеп алдық.
Атап өтилген ҳәр бир мәселе дипломатияның жаңа басқышына сәйкес түрде белсене ислеўге шақырады.
Фурқат СИДИҚОВ,
Америка Қурама Штатларындағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елши:
– Өзбекстан ҳәм АҚШ арасындағы стратегиялық қатнасықлар енди толық түрде институционалласты, деп айтыў мүмкин. Америка Қурама Штатлары мәмлекетимизди региондағы исенимли ҳәм перспективалы шерик сыпатында көрмекте. Бул тән алыўдың тийкарында Президентимиздиң басшылығында алып барылып атырған ишки ҳәм сыртқы сиясаттың избе-излиги, әмелге асырылып атырған кең көлемли экономикалық реформалардың әмелдеги нәтийжелери жәмленген.
Бүгинги күнде Өзбекстан менен АҚШ қатнасықлары тек ғана еки тәреплеме бағдарда емес, ал пүткил регионаллық бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыўда әҳмийетли факторға айланбақта. Ҳәзирги сиясий сөйлесиў дәрежеси өз-ара исеним ҳәм ҳүрметке тийкарланғаны ушын экономикалық тараўда да сезилерли илгерилеўлер бақланбақта.
Өзбекстанға АҚШтың жетекши компаниялары ҳәм ири финанс институтларының қызығыўшылығы артып бармақта. Бизге белгили, бундай компаниялардың белгили бир базарға кириўи аңсат емес. Себеби олар тек ғана турақлы, исенимли ҳәм перспективалы мәмлекетлерге инвестиция қаратады. Усы жағынан, мәмлекетимиздеги бизнес орталығының жақсыланып барыўы сырт ел инвесторлары ушын жаңа имканиятлар ашпақта.
Буннан тысқары, бүгинги күнде Өзбекстан АҚШтың ири технологиялық компаниялары ушын мәлимлеме технологиялары бойынша хызмет көрсетиў “хаб”ына айланып бармақта.
Мәжилис даўамында мәмлекетимиздиң туризм потенциалын арттырыў, инвестицияларды кең көлемде тартыў ҳәм сырт елдеги ўатанласларымызға жәрдем бериў бойынша анық ўазыйпаларды белгилеп алдық.
Ҳақыйқатында да, елшихана ҳәм консуллық мәкемелери пуқараларымыздың нызамлы мәплерин қорғаўда белсенди болыўы шәрт. Сырт елдеги ўатанласларымыздың ҳәр бир мүрәжатына толық итибар бериў, зәрүр жағдайларда тәжирийбели юридикалық жәрдем көрсетиў бизиң тиккелей ўазыйпамыз.
ӨзАның хабаршысы Икром АВВАЛБОЕВ жазып алды