“Президент талантлы перзентлери” Миллий бағдарламасы бойынша ўазыйпалар талланды

5

Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысының билимлендириўди реформалаў бойынша орынбасары Ҳилола Умарова “Президент талантлы перзентлери” Миллий бағдарламасының аймақлық Бас кеңесгөйлери менен ушырасты.

Онда усы жылы Миллий бағдарламада белгилеп берилген ўазыйпалардың орынланыўы ҳәм келешектеги режелер ҳаққында сөз болды. Сондай-ақ, бул Бағдарлама шеңберинде ислеп шығылған жаңа платформаның презентациясы да өткерилди.

Сөйлесиў даўамында “Ренессанс” балалар дем алыў орайында Бағдарлама қатнасыўшылары ушын шөлкемлестирилген оқыў шынығыўларының нәтийжелери, исленип атырған жумыслар, әмелге асырылып атырған жойбарлар да додаланды.

Усы күнлерде пайтахтымызда “Президент талантлы перзентлери” Миллий бағдарламасын әмелге асырыўда Бас кеңесгөйлердиң роли” темасында оқыў семинарлары болып өтпекте.

Онда оқыўшылар портфелин жаратыў, сырт ел университетлерин излеў ҳәм таллаў, грантлар ҳәм стипендияларға арза бериў бойынша әмелий сабақлар шөлкемлестирилди.

“Президенттиң талантлы перзентлери” Миллий бағдарламасы мәмлекетимизде инсан капиталын раўажландырыў, талантлы жасларды ерте анықлаў ҳәм глобаллық мийнет базарында бәсекиге шыдамлы болған жоқары тәжирийбели қәнигелер таярлаў сыяқлы мақсетлерди гөзлеўи менен әҳмийетли.

ӨзА