Премьера: сахнада «Прокурордың бир күни»

22

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында “Прокурордың бир күни” атамасындағы спектакль премьерасы болып өтти.

Премьераға кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, тамашагөйлер қатнасты.

Бул сахналық шығармада жәмийетте нызам үстинлиги, әдиллик ҳәм инсан жуўапкершилиги сыяқлы әҳмийетли мәселелер көркем шешимлер арқалы ашып берилди. Спектакль ўақыялары арқалы бир күн даўамында прокурордың жумысы, оның кәсиплик миннети, ишки кеширмелери ҳәм инсан тәғдири алдындағы жуўапкершилиги терең ҳәм исенимли түрде сәўлелендирилди. Спектакль тамашагөйди бийпәрўа қалдырмай, турмыс ҳаққында пикир жүргизиўге шақырады.

Спектакль сценарийиниң авторы – Дилбар Рахманова болып, ол шығармадағы ўақыяларды турмыслық, рәўан ҳәм тәсиршең усылда жаза алған. Сахналастырыўшы режиссёр, Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен артист Мархабай Үсенов шығарманың идеясын сахнада шеберлик пенен жанландырып, ҳәр бир образдың характерин анық ҳәм айқын ашып бериўге ерискен.

Актёрлардың атқарыўы, сахналық ҳәрекетлер, музыка ҳәм декорациялар спектакльдиң улыўма көркемлик баҳасын және де арттырды. Тамашагөйлер ойнаған образларға исенип, ўақыяларды өмирдиң өзинде болып атырғандай қабыл етти.

“Прокурордың бир күни” спектакли жас әўладта Ўатанды сүйиў ҳәм оған садықлық сезимлерин тәрбиялаўы менен әҳмийетли.

Қарақалпақстан хабар агентлиги