Иран ҳүкимети қурбанлар ҳаққында сырт ел ҒХҚ тарқатып атырған хабарларды бийкарлады

Иранның “Mehr” мәлимлеме агентлигиниң хабар бериўинше, мәмлекетлик суд уйымлары айырым сырт ел ғалаба хабар қуралларында наразылық көтерилислеринде 12 мыңнан аслам адам қурбан болғаны ҳаққындағы хабарларды бийкарлады.
– “Моссад” (Израиль разведка хызмети – редакция) мәлимлеме агентликлери тәрепинен Иранда жақында жүз берген терроршылық ҳүжими қурбанларының саны қәлбекилестирилген, – делинген билдириўде. – Марҳумлардың денесине жазылған номерлер серия емес, ал жерлеў ушын руқсатнама номери болып табылады.
Бул Ислам Республикасында демонстрация 2025-жыл декабрь айының ақырында жергиликли валюта – риал қәдирсизлениўиниң артынан басланды. 8-январьдан баслап, 1979-жыл аўдарылған Иран шахының баласы Ризо Паҳлавидиң шақырығынан кейин наразылық жүрислери күшейди. Сол күни интернет өширилди. Бир неше ири қалаларда демонстрация полиция менен соқлығысыўға айланып, сиясий системасына қарсы сүренлерге айланды.
Қәўипсизлик күшлери ҳәм көтерилисшилер арасында қурбанлар бар екенлиги ҳаққында хабар берилген. Иран рәсмийлери АҚШ ҳәм Израильди тәртипсизликти уйымластырыўда айыплап, 12-январь күни жағдай қадағалаўға алынғанын жәриялады.
С.Раҳимов, ӨзА