Ең көп китап оқыған хызметкерге пул бериледи

Өзбекстанда китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм халық арасында китап оқыўға қызығыўшылықты арттырыўға қаратылған қарар қабыл етилди.
2026-жыл 15-январь күни “Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм халық арасында китап оқыўға қызығыўшылықты арттырыў илажлары ҳаққында”ғы Президент қарарына (ПҚ-9-санлы) қол қойылды.
Қарарға муўапық, барлық министрликлер ҳәм уйымларда бир қатар жаңа басламалар енгизиледи. Соның ишинде, 2026-жыл 1-мартқа шекем ҳәр бир тараў бойынша усыныс етилетуғын кәсиплик жумысқа байланыслы әдебиятлар дизими қәлиплестириледи.
Сондай-ақ, ҳәр жылы кеминде үшеўден кәсиплик жумысқа байланыслы сырт ел әдебиятлары жергиликли басылымлар арқалы өзбек тилине аўдарылып, маман қәнигелердиң қатнасыўында түсиндириўлер, сөзлик ҳәм мысаллар менен байытылады.
Қарарда 2026-жыл 1-апрельге шекем барлық министрликлер ҳәм уйымларда, сондай-ақ, олардың системасындағы шөлкемлерде “Китап мүйеши”н шөлкемлестириў және хызметкерлер ушын ҳәр айда “Китап оқыў сааты”н жолға қойыў белгиленген.
Буннан тысқары, шөлкемлерде китапқумарлық бойынша ишки рейтинг системасы енгизиледи. Таңлаў тийкарында ең көп китап оқыған хызметкерге бир айлық мийнет ҳақы муғдарында ақшалай сыйлық бериледи.
Жаслардың китапқумарлығын хошаметлеў мақсетинде ең көп китап оқыған оқыўшы ҳәм студентлерден ибарат топ-100 ликке кирген ҳәр бир қатнасыўшыға базалық есаплаў муғдарының 25 есеси муғдарында ақшалай сыйлық берилиўи де нәзерде тутылған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги