Еки шахматшымыз Жәҳән чемпионатына қатнасады

28

Мәмлекетимиздиң биринши номерли гроссмейстери 13-15-февраль күнлери Германияның Вейссенхаусы өткерилетуғын FIDE Freestyle Chess жәҳән чемпионатының таңлап алыў турнириниң жеңимпазы болды.

Онлайн түрде өткен еки күнлик бул турнирде биринши күни Абдусатторов 9 имканияттан 7 упай топлаған ҳалда қосымша көрсеткишлер бойынша 1-орын менен таңлап алыўдың финал басқышына жол алған еди.

Соңынан Нодирбек дәслеп 1/2 финалда иранлы Амин Табатабайини 1,5:0,5 есабында, финал ушырасыўында болса ҳиндстанлы гроссмейстер Пранаўды ҳәр еки партияда жеңип шығып, таңлап алыў басқышының жеңимпазы сыпатында FIDE тәрепинен шахмат бойынша Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизди.

Солай етип, Жәҳән чемпионатының барлық сегиз қатнасыўшысы анықланды. Буннан алдын норвегиялы Магнус Карлсен, АҚШлы Левон Аронян, Фабиано Каруана, Ҳанс Ниэманн,  германиялы Винсент Кеймер, ҳиндстанлы Аржун Эргаиси ҳәм жерлесимиз, өткен жылғы Жәҳән кубоги жеңимпазы Жавоҳир Синдаров FIDE Freestyle Chess Жәҳән чемпионаты қатнасыўшысына айланған еди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги