Футбол: Өзбекстан-Канада ойынының сәнеси мәлим болды
5

Океан артындағы үш мәмлекетте өтетуғын футбол бойынша жәҳән чемпионатына таярлық көрип атырған Өзбекстан миллий сайланды командасы Канада менен дослық ушырасыўында майданда болады.
Бул ҳаққында хабар берген Канада футбол ассоциациясы бул ойын усы жылдың 1-июнь күни өткерилетуғынын жәриялады.
Канада-Өзбекстан футбол командалары арасындағы қарама-қарсылық Эдмонтондағы “Commonwealth” (Дослық Аўқамы) стадионында өткерилиўи режелестирилмекте.
Мундиалға таярлықтың бир бөлеги есапланатуғын бул ойын ҳаққында пикир билдирген Канада бас тренери Жесси Марш бул ойын ықласбентлер менен жақынласыў ҳәм тарийхымыздағы ең үлкен турнир алдынан командамыздың ойынын көрсетиў ушын әжайып имканият, деп атап өтти.
Т.Рўзиев, ӨзА