БМШ: 2026-жыл жумыссызлар саны 186 миллионға жетеди

Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) ниң болжаўына бола, 2026-жылға барып глобаллық жумыссызлық дәрежеси 4,9 процентке жетеди.
БМШ экспертлериниң пикиринше, жумыссызлық 2025-жыл дәрежесинде қалады. Басқаша айтқанда, усы жылдың ақырына келип шама менен 186 миллион адам жумыссыз қалады.
Есабатта раўажланған мәмлекетлерде жумыс орны 0,5 процентке көбейиўи, артта қалған мәмлекетлерде болса өсиў 3,1 процентти қурайтуғыны келтирилген. Демек, бай мәмлекетлерде халықтың қартайыўы бақланып, мийнетке жарамлы жастағы адамлар жумыс табыўы қыйынласады.
Соның менен бирге ХМШ жумыс пенен тәмийинлениў барлық ўақытта да жақсы дәрамат бермейтуғынын атап өтеди. Яғный, дүнья бойлап шама менен 300 миллион адам оғада кәмбағал жасайды ҳәм күнине 3 доллардан аз пул табады. Африка ҳәм Латын Америкасындағы жүдә көп үлкелерде халықтың ярымынан көби рәсмий емес ислейди.
Г.Сатторова, ӨзА