Пентагон жаңа стратегияны иске қосты

10

АҚШ Әскерий департаменти жаңа технологияны әскерий тараўға интеграциялаў мақсетинде жасалма интеллект (ЖИ) енгизиўди жеделлестириў стратегиясын иске қосты.

– Әскерий тараўға жасалма интеллектти жайластырыўда жетекшилигимизди беккемлейтуғын, Қурама Штатларды ЖИға тийкарланған жаўынгерлик күшлерде сөзсиз глобаллық жетекши сыпатында белгилейтуғын стратегия әмелге асырылады, – делинеди арнаўлы билдириўде.

Президент Дональд Трамптың пәрманы менен басланған бул жойбар үш бағдар – урыс ҳәрекети, разведка ҳәм әмелиятты бирлестиреди.

С.Раҳимов, ӨзА