Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилликлердиң жумысын жаңа түрде шөлкемлестириў ўазыйпалары белгилеп алынды

10

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 15-январь күни Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысы мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Мәжилис алдында мәмлекетимиз басшысы бул ушырасыў дүньяда кескин геосиясий өзгерислер болып атырған, мәмлекетлердиң суверенитетине қәўип-қәтерлер барған сайын күшейип атырған қыйын бир ўақытта өтип атырғанын атап өтти. Бундай шараятта сыртқы сиясат тараўындағы жумысты сын көзқарастан додалап, Сыртқы ислер министрлиги ҳәм сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалардың жумысын жаңаша шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы сыртқы сиясат бағдарында 2025-жыл көп тәреплеме нәтийжели болғанын атап өтти. Өткен жылы 26 сырт мәмлекетке жоқары дәрежедеги сапарлар әмелге асырылды, жаңа тарийхымызда биринши мәрте бир қатар мәмлекет басшыларының Өзбекстанға сапарлары шөлкемлестирилди. “Орайлық Азия плюс” форматындағы көп тәреплеме сөйлесиўлер нәтийжели болды. Кейинги жылларда 11 мәмлекет пенен стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылып, олардың улыўма саны 19 ға жетти, Қазақстан, Әзербайжан ҳәм Тәжикстан менен аўқамласлық қатнасықлары жолға қойылды.

– Ашық, прагматикалық, пуқта ойланған ҳәм интакер сыртқы сиясатымыз нәтийжесинде Өзбекстан глобаллық тынышлық ҳәм дипломатия орайларынан бирине айланып бармақта, – деди Президентимиз.

2017-жылдан берли сырт мәмлекетлерде 16 жаңа дипломатиялық ҳәм консуллық ўәкилханалары ашылып, олардың саны 60, дипломатиялық байланыс орнатылған мәмлекетлердиң саны болса 165 ке жетти. Елшиханалар, консуллық мәкемелери ҳәм халықаралық шөлкемлер жанындағы ўәкилханалар штатлары және Сыртқы ислер министрлиги хызметкерлериниң мийнет ҳақысы арттырылғаны атап өтилди.

Соның менен бирге, “Барлық дипломатиялық ўәкилханалар бар имканиятлардан толық пайдаланып атыр ма?” деген сораў ортаға қойылды.

– Ҳәзирги шараятта елши дегени тек ғана сиясий қарым-қатнас жүргизиўши шахс емес. Елши – инвестиция ҳәм технология алып келетуғын, жаңа экспорт базарларын ашатуғын, транспорт-логистика коридорларын иске қосатуғын, туристлердиң ағымын көбейтип, нызамлы мийнет миграциясы ушын шараят жарататуғын, ең тийкарғысы, пуқараларымыздың ҳуқықларын қорғайтуғын мәмлекет ўәкили, – деди Президентимиз.

Усы мүнәсибет пенен елшилер ушын олар жумыс алып барып атырған мәмлекетлерден экспорт түсимлери, туристлер ағымы ҳәм усы мәмлекетлерге нызамлы мийнет миграциясы нәтийжелилик өлшеми болатуғыны атап өтилди.

Экономикалық дипломатияны күшейтиў арқалы экспорт ҳәм инвестиция көлемин арттырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Еки ҳәм көп тәреплеме илажлар шеңберинде 2025-жылы улыўма баҳасы 160 миллиард долларлық инвестициялық жойбарлар ҳәм саўда шәртнамалары бойынша келисимлерге қол қойылды. Тарийхта биринши мәрте сыртқы саўда айланысы 80 миллиард доллардан артып, экспорт 33,5 миллиард долларға жетти, сырт ел инвестициялары болса 43 миллиард доллардан артты. Өткен жылы 75 мәмлекетке экспорт көлеми дерлик 4,5 миллиард долларға көбейди.

Усы көзқарастан елшилерге Жақын Шығыс, Европа, Азия ҳәм Африка мәмлекетлери бағдарларында экспортты кеңейтиў, санаат, аўыл хожалығы, химия, тоқымашылық, ыссыхана ҳәм хызметлер тараўларында анық жойбарлар менен ислесиў ўазыйпалары қойылды. Айырым базарларда Өзбекстан өнимлериниң атамасы жетерли дәрежеде танытылмай атырғаны атап өтилди.

Логистика қәрежетлериниң артыўы миллий өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығына унамсыз тәсир етип атырғаны атап өтилип, Европа базарларына шығыўда транзит жөнелислерин диверсификациялаў, логистика шынжырларын қысқартыў бойынша усыныслар ислеп шығыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Аўыл хожалығы тараўында үнемлеўши технологиялар, инновациялық ыссыханалардың тәжирийбесин үйрениў, оларды аймақларымызда енгизиў бойынша анық ўазыйпалар белгиленди. Сондай-ақ, химия санааты өнимлери ушын жаңа экспорт базарларын ашыў, стандарт ҳәм талапларды ислеп шығарыўшыларға жеткериў, көргизбелер шөлкемлестириў мәселелери атап өтилди.

Жаңа экспорт бағдары сыпатында Африка материги менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Усы мақсетте тийисли министрликлер ҳәм елшилердиң қатнасыўында анық “жол картасы”н ислеп шығыў тапсырылды.

Елшилер жойбар табыў, оны алып келип, иске қосыўдан мәпдар болыўы керек екенлиги атап өтилди. Анық инвестиция ямаса экспорт жойбарын жуўмақлаған елшилерди материаллық хошаметлеў әмелияты енгизилетуғыны белгиленди.

Айырым тараўларда елшилер ҳәм тармақ басшылары имканиятлардан толық пайдаланбай атырғаны сынға алынды. Атап айтқанда, халықаралық грантларды тартыў бойынша потенциал жетерли дәрежеде иске қосылмағаны атап өтилди. Егер министрликлер ҳәм тармақ басшылары елшилер менен бирге ислесиўди дурыс жолға қойғанда өткен жылы қосымша түрде және кеминде 200-300 миллион доллар грант тартыў мүмкин еди.

Атап өтилгениндей, халықаралық шөлкемлер ҳәм донор мәмлекетлер ҳәр жылы 200 миллиард долларға шамалас халықаралық грантлар жәрияламақта. Бул ресурслардан нәтийжели пайдаланыў, грантлар менен ислесиў бойынша бирден-бир ҳәм системалы қатнасты енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Сондай-ақ, АҚШ, Уллы Британия, Германия, Швейцария, Қытай, Япония ҳәм Сингапурдағы елшилер менен биргеликте дүньяның ТОП-100 лығына киретуғын жетекши сырт ел жоқары билимлендириў мекемелерин Өзбекстан жоқары оқыў орынларына шерик сыпатында тартыў бойынша анық илажлар көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Буннан тысқары, сыртқы экономикалық байланысларды кеңейтиўде аймақлар ҳәм елшиханалар арасындағы бирге ислесиў жетерли дәрежеде жолға қойылмағаны атап өтилди. Ўәлаят ҳәкимлериниң елшилер менен биргеликте аймақларда ислеп шығарылып атырған экспортқа жарамлы өнимлерди сырт елде системалы түрде алға қойыўы, жергиликли кәрханалардың сыртқы базарларға шығыўында белсене қатнасыўы зәрүр екенлиги атап өтилди.

Гезектеги тийкарғы ўазыйпа сыпатында пуқараларымызды сырт елде нызамлы ҳәм жоқары дәраматлы жумыс орынлары менен тәмийинлеў белгиленди. Тәртипли мийнет миграциясының географиясы кеңейип атырғаны, бирақ айырым мәмлекетлерде бул бағдарда жумыс жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмей атырғаны көрсетип өтилди ҳәм елшилерге тийисли тапсырмалар берилди.

Елшиханалар ҳәм консуллықлар пуқараларымыздың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда белсенди болыўы, ҳәр бир жағдай бойынша қәнигели юридикалық жәрдем көрсетиўи шәрт екенлиги атап өтилди. “Кабинет дипломатиясы”нан ўаз кешип, орынларда ислеў, ўатанласлар менен тиккелей сөйлесиў ўазыйпасы қойылды.

Туризм тараўында елшилердиң ролин және де күшейтип, туризм ҳәм мәденият бойынша жумысларға жаңа қатнас енгизиў, визасыз режимлерден нәтийжели пайдаланыў, халықаралық аутсорсинг компанияларын тартыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сондай-ақ, сыртқы сиясий байланысларды кеңейтиў, жоқары дәрежедеги сапарларға пуқта таярлық көриў, дипломатиялық кадрларды қайта таярлаў ҳәм перспективалы кадрлар резервин қәлиплестириў мәселелери додаланды.

Сыртқы мәлимлеме сиясаты ҳәм мәмлекеттиң имиджин арттырыўда халықаралық ҒХҚ ҳәм арнаўлы медиа жойбарлар менен ислесиў тийкарғы ўазыйпа сыпатында белгиленди.

Өзбекстан Республикасының Сыртқы сиясий жумысы концепциясын жаңалап, оның тийкарғы бағдарларын қайта көрип шығыў, миллий мәплерди қорғаў ҳәм халықаралық майданда мәмлекетимиздиң орнын беккемлеўге қаратылған анық ўазыйпаларды белгилеп алыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, жаңа концепция мәмлекетимиздиң узақ мүддетли стратегиялық мақсетлерин, ишки реформаларымыздың логикасын, экономикалық дипломатия, қәўипсизлик, инвестиция, экспорт, транспорт-логистика, суў ҳәм климат мәселелериндеги миллий мәплеримизди бир тутас ҳәм өз-ара байланыслы ҳалда сәўлелендириўи керек.

Дипломатларымыздың хызметлерин мүнәсип тән алыў мақсетинде “Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен дипломат” ҳүрметли атағын шөлкемлестириў усыныс етилди.

– Енди жаңаша руўхта ислейтуғын, анық нәтийжелерге ерисип атырған, Өзбекстан мәплерин халықаралық көлемде исенимли қорғайтуғын дипломатлар дәўири келди, – деди мәмлекетимиз басшысы мәжилис жуўмағында.

Мәжилисте сырт елдеги елшилердиң есабатлары ҳәм усыныслары тыңланды.

ӨзА