Сыртқы ислер министрлиги: Өзбекстан пуқаралары ушын АҚШ визалары ушын ҳеш қандай шеклеў енгизилмеген
9

Айырым ҒХҚ ҳәм социаллық тармақларда АҚШ 75 мәмлекет пуқаралары ушын визаларды көрип шығыўды тоқтатқаны, олардың қатарында Өзбекстан да бар екенлиги ҳаққында хабарлар тарқалды. Дизимде Қазақстан, Қырғызстан, Россия, Иран, Пакистан, Египет, Бразилия, Нигерия сыяқлы мәмлекетлер тилге алынған.
Бул мәселе бойынша Сыртқы ислер министрлиги Мәлимлеме хызметиниң басшысы Аҳрор Бурҳоновтың ӨзАға мәлим етиўинше, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан пуқаралары ушын АҚШ визалары әдеттеги тәртипте көрип шығылып атырғаны ҳәм ҳеш қандай шеклеў енгизилмегенин билдирди.
ӨзА