Тайваньда ири компания директоры қамаққа алынды

15

Тайвань прокуратурасы 13-январь күни “Oneplus”  компаниясының жәрдемши шөлкемлестириўшиси ҳәм бас директоры Пит Лауға рәсмий айыплаў қойып, оны қамаққа алыў ушын ордер шығарды.

Бул исбилермен жергиликли инженерлерди нызамға қайшы түрде жумысқа жаллағанлықта гүманланбақта. Әмелдеги нызамшылыққа бола, Қытай кәрханалары тайваньлы қәнигелерди жумысқа алыў ушын ҳүкиметтен арнаўлы руқсатнама алыўы керек. Тергеў мағлыўматына бола, компания бул талапқа әмел етпеген.

Рәсмийлердиң атап өтиўинше, бул илаж атаўдан жоқары маман кадрлардың шығып кетиўиниң алдын алыўға қаратылған.

2013-жыл декабрь айында шөлкемлестирилген “Oneplus”  дүнья базары ушын смартфон ислеп шығаратуғын компания болып, “Oppo”ның қурамына киреди.

Ф.ЯХШИБОЕВА, ӨзА