Өзбекстан глобаллық тынышлық ҳәм дипломатия орайларынан бирине айланып бармақта – Президент

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында видеоселектор мәжилиси даўам етпекте.
Мәмлекетимиз басшысы сыртқы сиясат бағдарында 2025-жыл көп тәреплеме нәтийжели болғанын атап өтти.
Атап айтқанда, өткен жылы 26 сырт мәмлекетке жоқары дәрежедеги сапарлар әмелге асырылды. Жаңа тарийхымызда биринши мәрте Болгария, Финляндия, Словакия, Сербия, Иордания ҳәм Парагвай басшыларының Өзбекстанға сапарлары шөлкемлестирилди.
“Орайлық Азия плюс” форматындағы көп тәреплеме сөйлесиўлер нәтийжели болды.
Кейинги жылларда 11 мәмлекет пенен стратегиялық шериклик қатнасықлары орнатылып, олардың улыўма саны 19 ға жетти. Қазақстан, Әзербайжан, Тәжикстан менен аўқамласлық қатнасықлары жолға қойылды.
– Ашық, прагматикалық, пуқта ойланған ҳәм интакер сыртқы сиясатымыз нәтийжесинде Өзбекстан глобаллық тынышлық ҳәм дипломатия орайларынан бирине айланып бармақта,-деди Президентимиз.
Сырт мәмлекетлерде 2017-жылдан берли 16 жаңа дипломатиялық ҳәм консуллық ўәкилхана ашылып, олардың саны 60, дипломатиялық байланыс орнатылған мәмлекетлердиң саны болса 165 ке жетти.
ӨзА