Социаллық тараў объектлерине мақсетли инвестициялар киргизиў арқалы энергия жумсаўды 20-50 процентке үнемлеў мүмкин

17

Мәмлекетимизде үй хожалықлары кең көлемде энергия үнемлеўши технологияларға өтпекте. Энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған шешимлердиң кеңнен енгизилиўи нәтийжесинде үй хожалықларының дерлик 90 проценти энергия жумсалыўын азайтыўға қаратылған кеминде бир илажды әмелге асырған.

Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы тәрепинен өткерилген изертлеўге бола, унамлы өзгерислерден бири үй хожалықларында турмыслық дәрежеде энергияны үнемлеў илажларын кеңнен енгизиў болды.

Ең кең тарқалған әмелият LED-жақтыландырыў үскенелерин орнатыў болып, үй хожалықларының 87 проценти светодиодлы жақтыландырыўға өткен болса, Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Наўайы ҳәм Ташкент ўәлаятлары сыяқлы айырым аймақларда бундай шаңарақлардың саны 90 проценттен асты.

Үй хожалықларының 44 проценти, әсиресе, Қашқадәрья (84 процент), Бухара (69 процент) ҳәм Хорезм (54 процент) ўәлаятларында пластик айна ҳәм есиклерди орнатыў арқалы энергия нәтийжелилигин жақсылаған.

Сондай-ақ, 31 процент үй хожалықлары энергия үнемлеўши турмыслық техника сатып алған, бундай қарарлардың ең үлкен үлеси Жиззақ (60 процент), Наўайы (59 процент) ўәлаятларында ҳәм Қарақалпақстан Республикасында (54 процент) бақланған.

Буннан тысқары, қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўға қызығыўшылық артып бармақта.

Қуяш панельлерин орнатқан үй хожалықларының ярымынан көби ерисилген нәтийжелерден қанаатланатуғынын, келешекте бул қурылмалардың санын көбейтиўге қызығыўшылық билдирген.

Таллаў соны көрсетеди, халық арасында шама менен 1,9 млн. үй хожалықларында қуяш панельлерин орнатыўға талап бар, бул болса баҳасы 2,3 млрд. доллардан артық ишки базарды қәлиплестириў перспективаларын ашады.

Соның менен бирге, хожалықларда нәтийжелилиги төмен болған газ қазанлары ҳәм қолдан исленген печьлерден пайдаланыў нәтийжесинде жоқары энергия жумсалыўы сақланып қалмақта.

Имаратлардың энергия нәтийжелилигин арттырыўдағы потенциалы

Есап-санақларға бола, бул илажлар, соның ишинде, сыртқы дийўалларды изоляциялаў, ысытыў системаларын жаңалаў, гөнерген есик ҳәм айналарды алмастырыў нәтийжесинде мәмлекеттиң көп квартиралы турақ жайларында жылына 60 миллион доллардан аслам электр энергиясы, тәбийғый газ ҳәм ыссылық энергиясын үнемлеў имканиятын береди.

Жәҳән банкиниң есап-санақларына бола, социаллық тараў объектлери, соның ишинде, денсаўлықты сақлаў мәкемелери, мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик мектеплерде де сондай потенциал бар. Бул объектлерге энергия нәтийжелилигин арттырыўға қаратылған мақсетли инвестициялар киргизиў арқалы энергия тутыныўын 20-50 процентке үнемлеў ҳәм тутыныўды жылына 7,1 млрд кВт/саатқа шекем қысқартыў мүмкин.

Солай етип, мәмлекетимизде энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар экономикалық өсимди тәмийинлеўде әҳмийетли фактор болып хызмет етпекте.

Моҳигул ҚОСИМОВА,

ӨзАның хабаршысы