Туризм ҳәм мәденият тараўындағы мәселелер додаланды

Президент Шавкат Мирзиёев халықаралық мәдений илажлардың нәтийжелери, туризм тараўын раўажландырыў бойынша гезектеги ўазыйпалар және ири мәденият ҳәм туризм объектлерин қурыўға байланыслы презентация менен танысты.
Соңғы жылларда Өзбекстан халықаралық мәденият мәканында өз орнын избе-из беккемлеп бармақта. Самарқандта ЮНЕСКО Бас конференциясының 43-сессиясы 190 мәмлекеттен 3 мыңнан аслам делегатлардың қатнасыўында табыслы өткерилди. Илаж жуўмақларына бола, Өзбекстанның мәдений мийрасты қорғаў, билимлендириў ҳәм креатив экономика бойынша басламаларын әмелиятқа енгизиў бойынша “жол картасы” ислеп шығылды ҳәм тастыйықланды.

Мәмлекетимиздиң Японияда болып өткен ЭКСПО-2025 Пүткил жер жүзилик көргизбесиндеги қатнасыўының жуўмақлары есап-санақ етилди. Өзбекстанның 1,2 мың квадрат метр майданда шөлкемлестирилген “Билимлер бағы” павильонына 1 миллионға шамалас адам келди. Усынылған экспозициялар халықаралық көлемде кеңнен сәўлелендирилди ҳәм ең көп барылған павильонлар қатарынан орын алды. Ҳәзирги ўақытта Саудия Арабстанында болып өтетуғын ЭКСПО-2030 көргизбесинде қатнасыўға таярлық жумыслары басланып, майданы 3,6 мың квадрат метр болған павильон қурылысы режелестирилген.
Бухарада өткерилген биринши Заманагөй көркем өнер биенналесине айрықша итибар қаратылды. 70 күн даўам еткен илаж 3,5 гектар майданды ҳәм 14 реставрацияланған мәдений мийрас объектлерин қамтып алды. Биенналеда 40 тан аслам мәмлекеттен 70 дөретиўши ҳәм куратор қатнасты. Илажда қатнасқанлардың саны дерлик 1,8 миллионды қурап, соның ишинде, 100 ден аслам жоқары мәртебели сырт ел мийманы келди. Өзбекстанның 2021-жылдан берли Венеция биенналесинде турақлы түрде қатнасып атырғаны болса Италиядан туристлер ағымының өсиўине хызмет етип атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетте ири халықаралық концерт бағдарламалары өткерилди. Атап айтқанда, Ташкентте Женнифер Лопес, Хийўада Black Coffee, Самарқандта Андреа Бочелли концертлери болып өтти. Илажларды өткериў дәўиринде бул қалаларда мийманханалардан пайдаланыў дәрежеси 90 проценттен асты, бул болса туризм ҳәм хызметлер тараўының дәраматларына унамлы тәсир көрсетти.
2025-жылы туристлер саны 11 миллионнан артып, туристлик хызметлер экспорты 4,8 миллиард долларға жеткени, сондай-ақ, визасыз тәртип енгизилген мәмлекетлердиң саны 94 ке көбейгени атап өтилди.

Соның менен бирге, туризм тараўын жойбар басқарыў системасына өткериў, туризм өнимлерин жаратыў ҳәм раўажландырыў бойынша бирден-бир механизмди енгизиў және ири илажларды муўапықластырыўды күшейтиў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Тараў жумысын санластырыўға айрықша итибар қаратылды. Мәмлекетлик ҳәм жеке меншик мәлимлеме системаларын үйлестирип, Миллий туризм платформасын иске қосыў, туристлер ҳәм исбилерменлер ушын проактив санлы хызметлерди енгизиў, нақ пулсыз есап-санақларды кеңейтиў ҳәм туристлер ағымын таллаў ўазыйпалары белгилеп берилди. Санластырыў арқалы жасырын экономика үлесин қысқартыў ҳәм туристлик жыйымнан жыллық түсимлерди арттырыў режелестирилгени атап өтилди.

Мәмлекетимиздиң туризм потенциалын АҚШ, Персия буғазы мәмлекетлери, Ҳиндстан, Қытай ҳәм Скандинавия сыяқлы тийкарғы базарларда алға қойыў бойынша жаңа маркетинг стратегиясын әмелге асырыў зәрүрлиги атап өтилди. Өзбекстанның халықаралық туристлик платформалардағы қатнасыўын кеңейтиў, санлы контентти раўажландырыў және ири медиа ресурслары ҳәм пикир жетекшилерин тартыў ўазыйпалары белгиленди.
Презентацияда ири мәденият ҳәм туризм объектлериниң жойбарлары көрип шығылды.

Самарқандта “Самарқанд мийрасы жолы” жойбары жумыс басламақта. Регистан ансамбли, Бибиханым ҳәм Шоҳи Зинда комплекслери және Мырза Улығбек обсерваториясын 6,6 километрлик бирден-бир туристлик бағдар өз-ара байланыстырады. Самарқандта жаңа “Жипек жолы” музейин қурыў жойбары таныстырылды. Улыўма майданы 19,5 мың квадрат метрди қурайтуғын үш қабатлы заманагөй имарат қурылып, онда инклюзив орталық, көргизбе заллары, экспонатларды сақлаў фондлары, сондай-ақ, билим алыўға мөлшерленген аймақлар жаратыў нәзерде тутылған.
Мырза Улығбек обсерваториясы аймағында ландшафт дизайнын жаңалаўды режелестирмекте. Жаңа музей имараты, иммерсив көргизбе заллары, келиўшилер ушын орай қурылады. Пиядалар жоллары абаданластырылып, археологиялық объектлер бирден-бир музей орталығына үйлестириледи.

Сондай-ақ, Бухара қаласының бас режеси таныстырылды. Онда қолайлы қала орталығын қәлиплестириў, транспорт ҳәм туризм инфраструктурасын раўажландырыў, сондай-ақ, конгресс-холл, амфитеатр, китапхана, фуд-холл, усақлап сатыў ҳәм коммерциялық объектлер және жоқары категориялы мийманхананы өз ишине алатуғын көп функциялы комплекс сыпатында тарийхый-этнографиялық бағ жаратыў нәзерде тутылған.
Додалаў жуўмағында Президентимиз мәдений жойбарларды туризмди раўажландырыў ўазыйпалары менен өз-ара байланысқан ҳалда әмелге асырыў, олардың экономикалық турақлылығын ҳәм сапалы басқарылыўын тәмийинлеў зәрүрлигин айрықша атап өтти.
ӨзА