Тренинг сабақлары өткерилмекте

Қарақалпақстан Республикасы Педагогикалық шеберлик орайында халықаралық изертлеў шеңберинде оқыў саўатлылығын баҳалаў ҳәм раўажландырыўға қаратылған тренинг сабақлары өз жумысын баслады.
Бул тренинг халықаралық изертлеў нәтийжелери ҳәм билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған заманагөй педагогикалық қатнаслар тийкарында шөлкемлестирилип, улыўма орта билим бериў мәкемелеринде оқыўшылардың текстти саналы оқыў, мазмунын терең аңлаў ҳәм таллаў бойынша компетенцияларын раўажландырыўға бағдарланған.

Тренинг сабақларында улыўма орта билим бериў мәкемелери директорларының орынбасарлары, баслаўыш билимлендириў бағдарының қәнигелери ҳәм тараўға байланыслы экспертлерден ибарат жәми 54 қатнасыўшы қатнаспақта.
Сабақлар даўамында халықаралық изертлеўдиң мақсет ҳәм ўазыйпалары, оқыў саўатлылығының теориялық ҳәм әмелий тийкарлары, дәлиллерге тийкарланған дидактикалық қатнаслар, сондай-ақ, баспа ҳәм санлы текстлерди оқып түсиниў көнликпелерин раўажландырыўға қаратылған нәтийжели педагогикалық усыллар бойынша баянатлар ҳәм әмелий сабақлар өткерилмекте.

Тренинг шынығыўлары усы жылдың 16-январь сәнесине шекем даўам етеди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги