Әмелдеги Стратегияда 100, жаңаланып атырған жойбарында болса 451 мақсет жәмленген

Мәмлекетимиз басшысының усынысы ҳәм басламасына бола, “Өзбекстан – 2030” стратегиясы бүгинги раўажланыў тенденцияларынан келип шыққан ҳалда жаңаланбақта. Жаңаланып атырған стратегия жойбарында 2026-2030-жылларға мөлшерленген жаңа нәтийжелилик көрсеткишлери өз көринисин тапқан.
2023-жылы қабыл етилген “Өзбекстан – 2030” стратегиясы мәмлекет раўажланыўының орта мүддетке мөлшерленген тийкарғы бағдарлары, мақсетлери ҳәм оларға ерисиў бойынша нәтийжелилик көрсеткишлерин белгилеп бергенин атап өтиў керек. Оның шеңберинде избе-излик пенен әмелге асырылған реформалар нәтийжесинде елимизде кәмбағаллық дәрежеси 11 проценттен 6,8 процентке түсти, жалпы ишки өним көлеми 107,5 миллиард доллардан 140 миллиард долларға жетти, экспорт көлеми 24,9 миллиард доллардан 27,9 миллиард долларға артты.
Сондай-ақ, жумыссызлық дәрежеси 6,8 проценттен 4,9 процентке түсти. Өзбекстан Глобал инновациялық индексинде 139 мәмлекет арасында 82 орыннан 79-орынды ийеледи. Өзбекстан менен дипломатиялық қатнасықлар орнатқан мәмлекетлердиң саны 144 тен 164 ке жетти.
Ҳәр бир тараў ҳәм бағдарда исеним менен қолға киргизилип атырған нәтийжелерди турақлы даўам еттириў, өз алдымызға және де жоқары шеклерди қойған ҳалда бүгингиден де жоқары нәтийжелерге ерисиў ҳәм сол арқалы халықтың абаданлығын және де арттырыў мәмлекетимиздиң ең жоқары мақсети болып есапланады.
Усы мақсетте жаңаланып атырған 2026-2030-жылларға мөлшерленген “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбарында 451 мақсетли көрсеткиш белгиленген. Әмелдеги стратегиямызда болса 100 мақсет сәўлеленген еди. Жойбардағы 451 мақсетли көрсеткиштен 132 көрсеткиш жаңа редакцияда ҳәм жаңа нормалар тийкарында белгиленбекте, 190 жаңа көрсеткиш пенен толықтырылмақта. 129 көрсеткиш өзгериссиз қалдырылып атырған болса, 184 көрсеткиш алып тасланбақта.
Әмелдеги стратегияда КPI көрсеткишлери белгиленбеген. Енди болса КPI көрсеткиши түсиниги ислеп шығылып, дәреже, үлес, процент, көлем, балл сыяқлы бирликлерде болыўы нәзерде тутылмақта. Ҳәр бир бағдарда нәзерде тутылып атырған мақсет-ўазыйпалар жылдан-жылға тәризде белгиленип, қайсы жылда қандай нәтийжеге ерисиў керек екенлиги белгилеп берилип атырғаны итибарға ылайық. Себеби, бул гөзленген мақсет-ўазыйпаларға анықлық, реаллық бағышлап, оларға ерисиў ушын шекти бәлент алыў ҳәм соған мүнәсип тәризде ҳәрекет етиўге ийтермелейди.
Бир сөз бенен айтқанда, жаңаланып, байытылып атырған “Өзбекстан – 2030” стратегиясы жойбары Өзбекстанның барлық тараўдағы жетискенлик ҳәм нәтийжелерин және де жоқары басқышқа көтериў, халқымыздың абаданлығы ҳәм халықтың турмыс тәризин жоқарылатыўға тийкар болатуғын стратегиялық ҳүжжет болады. Оны жетилистириўде ўатанласларымыздың белсене қатнасыўы, турмыслық усынысларды бериўи айрықша әҳмийетке ийе.
Муҳтарама Комилова, ӨзА