Ремен тағыў талап етилмейтуғын жағдайлар

Қәўипсизлик ременин тағыў имканиятын бермейтуғын кеселликлер дизими тастыйықланды
“Денсаўлығы қәўипсизлик ременин тағыў имканиятын бермейтуғын кеселликлер” дизими Әдиллик министрлигинде мәмлекетлик дизимнен өткерилди.
Усы кеселликлер менен кеселленгенлиги бойынша QR-кодлы медициналық мағлыўматнама “Электрон денсаўлықты сақлаў” мәлимлеме системасы арқалы наўқас бириктирилген басланғыш медициналық-санитариялық жәрдем мекемеси ямаса наўқас емленген мәмлекетлик медицина мекемеси тәрепинен бийпул бериледи.
Дизимге жәми 20 түрдеги кеселлик ҳәм жағдайлар киргизилген:
Жарақатлар ҳәм сыныўлар: омыртқа, төс сүйеги, ийин белбеўи, қабырғалар ҳәм омыртқа бағанасының сыныў жағдайларында.
Дем алыў системасы: өкпениң созылмалы обструктивлик кеселлиги ҳәм бронхиал астманың IV басқышы, сондай-ақ, өкпениң бир бөлими ямаса биреўи пүтинлей алынған жағдайлар.
Жүрек-қан тамыр системасы: Созылмалы жүрек жетиспеўшилигиниң III ҳәм декомпенсация басқышы, аўыр инфаркт ҳәм ишемия жағдайлары.
Физикалық жағдайлар: III дәрежели (морбид) семизлик (ТМИ 40 тан жоқары).
Бойы 150 сантиметрден төмен болған шахслар (нанизм),- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги