Айырым исбилерменлерге салық жеңилликлери бериледи

“Жергиликли жеңил санаат кәрханаларының халықаралық жеткерип бериў шынжырларында қатнасыўын кеңейтиў ҳәм сыртқы базарлардағы орнын беккемлеўге қаратылған илажлар ҳаққында”ғы Президент пәрманы қабыл етилди.
Пәрманға бола, тоқымашылық кәрханаларын экономикалық ҳәм финанслық көрсеткишлеринен келип шыққан ҳалда “жасыл,” “сары” ҳәм “қызыл” категорияларға ажыратыў ҳәм олардың жумысына мәнзилли жәрдемлесиў бойынша кәрханаларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасы әмелге асырылады.
Бунда төмендегилерге руқсат бериледи:
– кәрханаларға коммерциялық банклер тәрепинен 2 миллион АҚШ долларына шекем олар тәрепинен сатып алынған ҳәм төлемлери толық әмелге асырылған ямаса өзи жетистирген шийки затты гиреўге алған ҳалда Жеңил санаатты раўажландырыў агентлигиниң ресурслары есабынан кредитлер ажыратыўға;
– саламатландырыў имканияты бар деп табылған кәрханалардың алдын алған коммерциялық кредитлериниң мүддетин 7 жылға шекем создырыўға;
– пахта шийки затын сатып алыў ушын тартылған кредитлер бойынша 2026-2027-жылларда төлем графиклеринде январь-февраль айлары ушын белгиленген төлемлерди кредит шәртнамасына тийкарланып ақырғы 6 айға тең бөлинген ҳалда төлеўге.
Сондай-ақ, жеңил санаат кәрханаларында 2026-жыл 1-январьдан қуўатлылығы 5 МВтқа шекемги қайта тиклениўши энергия дәреклери қурылмаларынан пайдаланған ҳалда ислеп шығарылған электр энергиясының кәрхана зәрүрлигинен артықша бөлегин сатыў системасы енгизиледи.
2026-жыл 1-январьдан 2028-жыл 1-январьға шекем пахта таярлаў пунктлери жумысының мәўсимлигин есапқа алған ҳалда пахта таярлаў пунктлерине мүлк ҳәм жер салықларын 50 процентке азайтылған ставкада төлеўге руқсат бериледи.
2026-жыл 1-январьдан 2029-жыл 1-январьға шекем:
– коммерциялық банклердиң балансындағы тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж кәрханаларының мүлклери инвесторларға реализациялаўда ҚҚСтан азат етиледи;
– коммерциялық банклердиң балансындағы тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж кәрханаларының мүлклерин сатып алған инвесторларға усы кәрханалардың өндирислик жумысын 6 айда толық тиклеў шәрти менен 1 жыл мүддетке мүлк салығын 50 процентке азайтылған ставкада төлеўге руқсат бериледи;
– былғары аяқ кийим, тери ислеп шығарыў кәрханалары ҳәм шарўа малларын сойыў ҳәм терини қайта ислеўши шөлкемлер ушын нәзерде тутылған пайда салығы, мүлк салығы, жер салығы, айланыстан алынатуғын салық төлемлери бойынша жеңилликлер мүддети создырылады,- деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги