Тутыныўшының мүрәжаты унамлы шешилди

Пуқара Кегейли районы дийқан базары аймағында жайласқан турмыслық техника саўда дүканынан 6 миллион сумға бөлип төлеў шәрти менен телевизор сатып алған.
Бирақ, бир ай өтпей-ақ, телевизор насаз ҳалға келип қалған. Пуқара жағдай бойынша сатыўшыға мүрәжат еткен, бирақ мәселени тез күнлерде шешиўге ўәде берген жуўапкерлерден үн шықпаған. Соң пуқара Кегейли районы тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетиниң қәнигелерине мүрәжат еткен.
Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийети бул жағдайға араласып, өткерилген үйрениўлер нәтийжесинде сатыўшы тәрепинен тутыныўшының ҳуқықлары қопал түрде бузылғаны анықланды. Жәмийеттиң араласыўы нәтийжесинде, ақыр-аяғында, тутыныўшының бузылған ҳуқықы тикленип, насаз болған телевизор жаңасына алмастырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги