“Олимпия қалашасы”нда халықаралық турнирлерге таярлық процесслери көзден өткерилди

Өзбекстан Республикасы Спорт министрлиги, Миллий олимпиада комитети ҳәм Миллий паралимпия комитетиниң жуўапкер басшылары пайтахтымызда қурылған “Олимпия қалашасы” комплексине әмелий сапар менен барды.
Сапар етиў шеңберинде объекттиң бүгинги жағдайы үйренилип, жақын келешекте белгилеп алынған режелер додаланды.

Комплекс аймағында жайласқан суў спорты орайында усы жыл даўамында бир қатар абырайлы республикалық ҳәм халықаралық жарысларды өткериў режелестирилген.
Көзден өткериў даўамында жуўапкерлер комплекстиң техникалық жағдайы, қәўипсизлик системасы, хызмет көрсетиў имканиятлары менен толық танысты.
Соның менен бирге, мәмлекетимизде паралимпия ҳәрекетин буннан былай да раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар ҳәм келешектеги тийкарғы ўазыйпалар да көрип шығылды.

Мәжилис даўамында жарысларды жоқары дәрежеде шөлкемлестириў ушын зәрүр таярлық жумыслары – спорт инвентарьларын жаңалаў, логистика, медициналық тәмийнат, сондай-ақ, хызмет көрсетиўши қәнигелердиң потенциалын арттырыў бойынша жуўапкерлерге анық тапсырмалар берилди.
Жавоҳир Тошхўжаев,
ӨзА