Мүлк салығын есаплаў тәртиби өзгерди

24

2026-жылдан баслап Өзбекстанда мүлк салығын есаплаў тәртиби ҳәм ставкаларында бир қатар әҳмийетли өзгерислер әмелге киргизилди. Бул жаңалықлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 25-декабрьде қол қойылған “2026-жыл ушын салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарлары ҳаққында”ғы нызамы менен тастыйықланды. Ҳүжжетке муўапық, физикалық тәреплер ушын мүлк салығы ставкалары арттырылып, юридикалық тәреплер ушын салықты есаплаў базасы жаңаланды. Бул өзгерислер салық ҳәкимшилигин санластырыў, есап-санақларды автоматластырыў ҳәм көшпес мүлк базарында ашық-айдынлықты тәмийинлеўге қаратылған. Сондай-ақ, Өзбекстанда мүлк салығын есаплаў тәртиби ҳәм ставкалары өзгертилди.

Бул ҳаққында Салық комитети мәлим етти. Атап өтилиўинше, 2026-жыл ушын салық ҳәм бюджет сиясатының тийкарғы бағдарларын белгилеп бериўши нызамда беккемленген.

2026-жылдан физикалық тәреплерге тийисли көшпес мүлк ушын төмендеги салық ставкалары енгизилди. Турақ жайлар, квартиралар, дала ҳәўли имаратлары (улыўма майданы 200 кв.м ға шекем), көп квартиралы турақ жайларға тийисли автомашиналар туратуғын орынлар ҳәм басқа да имаратлар ҳәм объектлер ушын ставка 0,34 проценттен 0,36 процентке арттырылды. Қалаларда жайласқан, улыўма майданы 200 кв.м дан артық ҳәм 500 кв.м ға шекем болған турақ жайлар ушын ставка 0,45 проценттен 0,48 процентке жеткерилди.

Қалаларда жайласқан, улыўма майданы 500 кв.м дан артық турақ жайлар ушын салық ставкасы 0,60 проценттен 0,64 процентке арттырылды. Басқа елатлы пунктлерде жайласқан, улыўма майданы 200 кв.м дан артық турақ жайлар ҳәм дала ҳәўли имаратлары ушын ставка 0,45 проценттен 0,48 процентке көтерилди.

Юридикалық тәреплер ушын мүлк салығының тийкарғы ставкасы 1,5 процент муғдарында сақлап қалынды. Бул ставка юридикалық тәреплер ямаса жеке тәртиптеги исбилерменлерге ижараға берилген, сондай-ақ, исбилерменлик жумысында пайдаланылып атырған көшпес мүлкке де қолланылады.

Соның менен бирге, юридикалық тәреплердиң мүлк салығын есаплаўда 1 квадрат метр ушын белгиленген минимал баҳалар арттырылды. Ташкент қаласында – 3,53 млн. сумға шекем, Нөкис қаласы ҳәм ўәлаят орайларында – 2,35 млн. сумға шекем, Басқа елатлы пунктлерде – 1,39 млн. сумға шекем ажыратылмақта.

Ҳәзирги ўақытта халық депутатлары кеңеслери бул баҳаларға төменлеўши коеффициентлерди қолланыў ҳуқықын сақлап қалады. 208 район ҳәм қала бойынша тастыйықланған ставкалар кестеси Ҳүкимет порталында жәрияланған.

Улыўма пайдаланыўдағы темир жоллар, магистраль қубырлар, байланыс ҳәм электр линиялары ушын салық ставкасы 0,65 проценттен 0,7 процентке арттырылды. Бул ставка Министрлер Кабинетиниң қарарларына тийкарланып қурып питкерилмеген ямаса консервация етилген объектлерге де қолланылады.

Жаңа тәртипке муўапық, юридикалық тәреплер ушын мүлк салығы бойынша есабатларды проактив, яғный автоматикалық түрде дүзиў әмелияты енгизилмекте. Салық уйымлары әмелдеги мағлыўматлар ҳәм салық төлеўшиниң жеке кабинети арқалы киргизилген мәлимлемелер тийкарында есабатты қәлиплестиреди. Салық төлеўшиге оны тексериў ҳәм дүзетиў киргизиў ушын бес күн мүддет бериледи, соннан кейин есабат қабыл етилген деп есапланады.

Буннан тысқары, юридикалық тәреплер ушын мүлк ҳәм жер салығы бойынша жеңилликлер бериў шәртлери күшейтилди. Жеңилликлерди сақлап қалыў ушын компания сатылған товарлар ҳәм хызметлерден алынған дәраматты берилген жеңилликлер суммасынан жоқары дәрежеде тәмийинлеўи, жыл даўамында орташа кеминде үш хызметкерге ийе болыўы, хызметкерлердиң айлық мийнет ҳақысы мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының еки есесинен аз болмаўы шәрт.

Сондай-ақ, 2026-жылдан салық уйымлары физикалық ҳәм юридикалық шахслардың орнына алты түрдеги салық бойынша есабатларды автоматластырылған тәризде таярлайды. Оларға мүлк салығы, жер салығы, физикалық шахслардың дәрамат салығы, социаллық салық, қосымша қун салығы ҳәм айланыстан алынатуғын салық киреди.

Салық комитетиниң атап өтиўинше, бул жаңалықлар салық миннетлемелерин өз ўақтында ҳәм дурыс орынлаў, қәтелерди азайтыў ҳәм жәриймалар қолланылыўының алдын алыўға хызмет етеди.

Соның менен бирге, пайда салығы бойынша есабатларды да автоматластырыў режелестирилмекте.

Ш.Маматуропова, ӨзА